Баку қаласында 14-октябрь күни Түркий тиллес мәмлекетлер Сыртқы ислер министрлер кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти.

Онда Өзбекстан сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов, Әзербайжан Республикасы сыртқы ислер министри Элмар Мамедяров, Түркия сыртқы ислер министри Мевлют Човушўғли, Қырғызстан сыртқы ислер министри Чингиз Айдарбеков, Қазақстан сыртқы ислер министри Мухтар Тлеўберди қатнасты.

Мәжилисте, сондай-ақ, Түркий кеңестиң бас хаткери Бағдад Амреев, Венгрия сыртқы ислер ҳәм саўда министри Петер Сийярто қатнасты.

Әзербайжан сыртқы ислер министри Өзбекстан делегациясын мәмлекетимиз шөлкемге тең ҳуқықлы ағза болып қосылғаны менен қутлықлады. Өзбекстанның қатнасыўында Түркий кеңес ҳәм аймақ, ҳәм потенциал жағынан абырайы және де артып, халықаралық майданда ири платформаға айланғаны атап өтилди.

Буннан кейин сыртқы ислер министрлери Түркий кеңес саммитинде мәмлекет басшылары тәрепинен көрип шығылатуғын мәселелерди додалады. Соның ишинде, Түркий кеңестиң жетинши саммити декларациясы, Өзбекстанның шөлкемге ағза болып кириўине байланыслы Түркий кеңес мәмлекет басшыларының биргеликтеги билдириўи, Қазақстан Республикасының Биринши Президенти Нурсултан Назарбаевқа Түркий кеңестиң ҳүрметли баслығы статусын бериўге байланыслы қарар ҳәм басқа да мәселелер бойынша пикир алысылды.

Илажда шөлкемниң жумысына байланыслы басқа да мәселелер додаланды. Мәжилис соңыңда бул бағдардағы ҳүжжетлерге қол қойылды.

Сол күни Баку қаласында Түркий тиллес мәмлекетлердиң бизнес-форумы болып өтти. Түркий тиллес мәмлекетлердиң саўда-санаат палаталары ассоциациясы тәрепинен шөлкемлестирилген форумда Өзбекстан, Әзербайжан, Түркия, Қырғызстан, Қазақстан, Түркменстан, Венгриядан жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар, саўда-санаат палаталарының басшылары, Түркий кеңеске ағза мәмлекетлер исбилермен топарларының 600 ге шамалас ўәкиллери қатнасты.

Дәслеп быйыл 5-октябрьде Ташкентте өткен Түркий тиллес мәмлекетлер исбилерменлер кеңесиниң бизнес-форумы ҳәм Өзбекстанның саўда-экономикалық потенциалына бағышланған видеороликтиң презентациясы болып өтти.

Бизнес-форумда Түркий кеңеске ағза мәмлекетлер экономика, инвестиция ҳәм саўда министрлериниң түркий тиллес мәмлекетлерде саўда-экономикалық, исбилерменлик байланысларды және де раўажландырыў, саўда, санаат ҳәм исбилерменлик тараўларында еки ҳәм көп тәреплеме шерикликти беккемлеў мәселелери бойынша сөйлесиўлер тыңланды.

Түрки й тиллес мәмлекетлердиң саўда-санаат палаталары ассоциациясы ағза мәмлекелер арасында көп тәреплеме бирге ислесиўди, соның ишинде, саўда, инвестиция, транспорт, энергетика, туризм, мәдений-гуманитарлық алмасыўларды кеңейтиўде Түркий тиллес кеңеске жәрдемлесиўши нәтийжели платформа екени атап өтилди.

Бүгинги күнде Түркий тиллес мәмлекетлердиң саўда-санаат палаталары ассоциациясына Әзербайжан, Түркия, Қырғызстан, Қазақстан саўда-санаат палаталары ағза, Венгрия саўда-санаат палатасы бақлаўшы статусына ийе. Ташкенттеги бизнес-форумда Өзбекстан саўда-санаат палатасы Түркий тиллес мәмлекетлер саўда-санаат палаталары ассоциациясына ағза болып кириў мәселеси додаланған еди.

Бакудеги форумда бул мәселе жуўмақлаўшы басқышта көрип шығылды ҳәм Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Түркий тиллес мәмлекетлер саўда-санаат палаталары ассоциациясына ағза болып кириўге байланыслы протоколға қол қойылды. Буннан тысқары, «Ўзавтосаноат» акционерлик жәмийети, «Ўзэлтехсаноат», «Ўзчармпойабзал» ассоциациялары ҳәм басқа да тармақларға қараслы кәрханалар Әзербайжан тәрепи менен бир қатар перспективалы келисимлерге еристи.

Бизнес-форум шеңберинде, сондай-ақ, Түркий тиллес мәмлекетлер саўда-санаат палаталары ассоциациясының жумысына байланыслы ҳүжжетлер қабыл етилди.

Илаж шеңберинде түркий тиллес мәмлекетлер исбилермен топарларының «B2B» форматындағы ушырасыўлар да болып өтти.

 

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршысы