Усы жыл 13-октябрь күни И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейиниң алдында Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерге болып өтетуғын сайлаўларға таярлық шеңберинде «Бирмиз. Қолды қолға беремиз!» сүрени астында ғалабалық үгитнәсият илажы болып өтти.

Партияның сайлаўалды бағдарламасын ҳәм мақсетлерин кең жәмийетшилик арасында үгит-нәсиятлаўға бағышланған илажда партияның  Орайлық Кеңеси, Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң басшылары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң депутатлары, партия белсендилери, студент-жаслар, көркем өнер ғайраткерлери, белгили спортшылар, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

«Бирмиз. Қолды қолға беремиз!» сүрени астындағы ғалабалық үгит-нәсият илажының И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейиниң алдында өтип атырғаны тосыннан емес. «Саҳрадағы Лувр» атамасы менен жәҳәнге белгили бул музейди тамаша етиўге ҳәр жылы көплеп туристлер келеди. Сонлықтанда елимизде туризмди раўажландырыўды өзиниң баслы ўазыйпаларынан бири деп есаплайтуғын партия ушын бул символикалық мәниге ийе.

Партияның «Жаслар қанаты» белсендилери арнаўлы үскенеленген автобусларда кәрхана ҳәм мәкемелерде, жәмийетлик орынларда болып, үгит-нәсият илажларын алып барды. Ушырасыўларда сайлаў елимизде биринши мәрте халықаралық стандартлар тийкарында қабыл етилген Сайлаў кодекси, усы тийкардағы Қарақалпақстан Республикасының «Сайлаўлар ҳаққында»ғы Нызамы бойынша өткерилетуғынлығы, бунда ҳәр бир пуқараның өзиниң ерк-ықрарын билдириўи ушын толық кепиллик берилгенлиги атап өтилди. Орынларда сайлаў нызамшылығына байланыслы буклетлер тарқатылды ҳәм жас сүўретшилерлердиң сиясий мапазға бағышланған мийнетлериниң көргизбеси шөлкемлестирилди. Партия қатарына жаңадан қабыл етилгенлерге ағзалық гүўалықлары тапсырылды.

-Быйыл жаңаша тәризде өткерилиўи күтилип отырған сайлаўларға партиямыз айрықша таярлық көрип атыр,-дейди Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Жолдасбай Әбдижамилов.-Мақсетимиз бағдарламада белгиленген ўазыйпаларды атқарыўда күшлерди бирлестириў ҳәм сайлаўларда мүнәсип қатнасыў болып табылады.

Илаж республикамыз көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшыларының концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.