Министрлер Кабинетиниң «Бақсышылық көркем-өнерине қәнигелестирилген мектеп-интернатын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарының жойбары додалаў ушын жәрияланды.

Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020/2021-оқыў жылынан баслап Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласындағы 23-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебин бақсышылық өнерине қәнигелестирилген мектеп-интернатқа айландырыў және мектеп-интернат ушын қосымша имарат ҳәм объектлерди, соның ишинде, 150 орынлық жатақхана ҳәм асхана, 200 орынлық қосымша оқыў имаратын қурыў бойынша усынысына келисим берилиўи мүмкин.

Төмендегилер мектеп-интернаттың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди:

бақсышылық өнери бойынша оқыўшыларға тереңлестирилген билим бериўди тәмийинлеў;

оқыўшылардың дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыў ҳәм раўажландырыў;

оқыўшылардың ҳәр тәреплеме раўажланыўы ушын қолайлы шараятларды, соның ишинде, оқыўшылардың өз үстинде еркин ислеўи ҳәм қосымша билим алыўы ушын имканиятларды жаратыў;

ҳәр тәреплеме жетик шахсты тәрбиялаў, онда эстетикалық қәдириятларды ҳәм ўатан сүйиўшилик сезимин қәлиплестириў;

билимлендириў процессине замангөй педагогикалық ҳәм инновациялық технологияларды, мәденият ҳәм көркем өнер тараўында илим бойынша ерисилген алдыңғы жетискенликлерди енгизиў.

Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги:

а) 2020-жыл 1-июньге шекем:

мектеп-интернатты үскенелеў ушын мебель, компьютер техникасы, оқыў-лаборатория, әсбап-үскенелерди ҳәм спорт қурылмаларының техникалық параметрлерин ислеп шығады;

мектеп-интернаты уставыныңтастыйықланыўын ҳәм белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлейди;

б) 2020-жыл 1-сентябрьге шекем мектеп-интернаттың нәтийжели жумыс ислеўи, олардың ҳәр тәреплеме толық ислеўи және қәнигели педагог кадрлар менен тәмийинлеў ислерин әмелге асырады;

мектеп-интернатқа 2020/2021-оқыў жылынан баслап оқыўшыларды қабыллаўды шөлкемлестиреди;

мектеп-интернатты сабақлықлар, оқыў-методикалық қолланбалар ҳәм көркем әдебиятлар менен тәмийинлеў илажларын көреди.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги және Мәденият министрлиги менен келискен ҳалда бир ай мүддетте мектеп-интернатқа қсымша имарат ҳәм объектлердиң қурылысы ушын жер участкаларының ажыратылыўын тәмийинлейди.

Белгилеп қойылыўынша, мектеп-интернат Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги системасындағы Мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп есапланады. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ғазнашылық бөлиминде жеке ғазна есап бетине, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гербиниң суўрети түсирилген ҳәм өз аты менен жазылған мөрге, штампқа, бланкаларға ийе болады;

2020/2021-оқыў жылында мектеп-интернаттың 5, 6 ҳәм 7-классларына және 2021/2022-оқыў жылында 5-класына 30 оқыўшыдан таңлаў тийкарында қабыл етиледи.

 

Қарақалпақтсан хабар агентлиги