Ашхабад, 10-октябрь. ӨзАның арнаўлы хабаршысы Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ хабар береди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамы Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасыў ушын 10-октябрь күни Ашхабад қаласына келди.

Ашхабад халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары Эсенмурат Оразгелдиев күтип алды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов пенен ушырасты.

Сәўбетте мәмлекетимиз басшысы Түркменстан Президентин Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамына нәтийжели басшылық еткени менен қутлықлап, шөлкемниң саммити табыслы өтиўин тиледи.

Ушырасыўда жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеў перспективалары додаланды.

Сондай-ақ, халықаралық сиясат ҳәм регионаллық бирге ислесиўге байланыслы әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысылды.

Сол күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ашхабад қаласында Молдова Республикасының Президенти Игорь Додон менен ушырасты.

photo5257996962488233245.jpg

Ушырасыўда мәмлекетлеримиз арасында узақ мүддетли исбилерменлик байланысларын жолға қойыў ҳәм әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Өз-ара алмасыўларды жеделлестириў ҳәм ҳәр қыйлы тармақлар ушын перспективалы жойбарларды биргеликте ислеп шығыўға келисип алынды.

Халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер шеңбериндеги бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери де додаланды.

ҒМДА саммитиниң тийкарғы илажлары 11-октябрь күни болып өтеди.

Жәҳән көлеминде жедел өзгерислер жүз берип атырған, глобаллық қәўип-қәтерлер күшейип атырған бүгинги күнде Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамының әҳмийети қаншелли актуал екенин дәўирдиң өзи дәлиллемекте.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң атап өткениндей, көп қырлы бирге ислесиўди беккемлеў ушын әҳмийетли болған бул платформа бүгинги күнде ағза мәмлекетлердиң өз-ара мәплеринен келип шыққан ҳалда, тиккелей сөйлесиўлер алып барыў ҳәм әҳмийетли темаларды додалаў процессинде пикир алысыў сыяқлы имканиятларды усынбақта.

Мәжилисте Дослық Аўқамы шеңберинде көп тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм беккемлеўге қаратылған комплексли мәселелерди додалаў, сондай-ақ, тәреплерди қызықтырған халықаралық машқалалар бойынша пикир алысыў режелестирилген.

Саммит жуўмағында бир қатар ҳүжжетлер, соның ишинде, 2020-жылы ҒМДАдаға басшылықтың Өзбекстан Республикасына өтетуғыны ҳаққында қарар,  Стратегиялық экономикалық бирге ислесиў ҳаққында декларация, 1941-1945-жылларда Уллы Ўатандарлық урыста ерисилген Жеңистиң 75 жыллығы мүнәсибети менен ҒМДАға ағза мәмлекетлер басшыларының Дослық Аўқамы мәмлекетлери халықлары ҳәм халықаралық жәмийетшиликке мүрәжаты, 2020-2022-жылларда терроризм, экстремизм ҳәм күш көрсетиўдиң басқа да көринислерине қарсы гүресиў бойынша бирге ислесиў бағдарламасын қабыл етиў нәзерде тутылған.

 

ӨзА