2019-жыл 4-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң мәжилиси болып өтти.

Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Кенгаш Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының жигирма үшинши жалпы мәжилисин усы жылы 11-октябрь күни Ташкент қаласында шақырыў ҳаққында қарар қабыл етти.

Жалпы мәжилис күн тәртибине мәмлекетимиздиң жақын келешекте раўажланыў бағдарларын белгилеп бериўши, раўажланыўдың жаңа басқыштағы мақсетлерин әмелге асырыўға қаратылған, барлық тараўларда алып барылып атырған реформалардың ҳуқықый тийкарларын беккемлеў ҳәм 2017-2021    -жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўына бағдарланған Өзбекстан Республикасының бир қатар нызамлары киргизилген.

«Банклер ҳәм банк жумысы ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының Орайлық банки ҳаққында»ғы, «Валютаны тәртипке салыў ҳаққында»ғы, «Төлемлер ҳәм төлем системалары ҳаққында»ғы, «Меценатлық ҳаққында»ғы, «Көп квартиралы жайларды басқарыў ҳаққында»ғы, «Қорғаныў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамлары усылардың қатарына киреди.

Кредиторларды ҳуқықый жақтан қорғаўдың күшейтилиўи ҳәм исбилерменлик жумысты қаржыландырыў механизмлери, айырым мәмлекетлик уйымлардың, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы жумысының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасының нызамлары ҳәм басқа да нызамлар сенаторлар тәрепинен көрип шығылады.

Сенат ағзалары Мәдений өзликти көрсетиў формаларының көп түрлилигин қорғаў ҳәм хошаметлеў ҳаққындағы Халықаралық конвенцияны (Париж, 2005-жыл 20-октябрь) ратификациялаў мәселесин де додалады.

Жалпы мәжилисте Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар, сондай-ақ, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары басшыларының мәмлекетте терек ҳәм путаларды кесиўде нызам ҳүжжетлерине әмел етиўи ҳаққындағы мәлимлемеси, сондай-ақ, Наманган ўәлаяты ҳәкиминиң аймақларды раўажландырыў ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң жумысы ҳаққындағы есабаты тыңланады.

Сенат ағзалары ата-аналарының қараўысыз қалған ҳәм Меҳрибанлық үйинде тәрбияланған жаслардың жәмийетке социаллық бейимлесиўиндеги әҳмийетли мәселелер, тәбийғый газ қубырлары системасының жағдайы ҳәм усы тараўға байланыслы нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы бойынша Министрлер Кабинетине парламентлик сораўлар жибериў ҳаққындағы мәселелерди де додалады.

Олий Мажлис Сенаты комитетлери ҳәм аппаратының жигирма үшинши жалпы мәжилиске таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы жумысларды муўапықластырыў мақсетинде жумысшы топар дүзилди.

 

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлис Сенатының

Мәлимлеме хызмети 

 

ӨзА