Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Федерациясы Кеңесиниң Баслығы Валентина Матвиенко Президент Шавкат Мирзиёев пенен ушырасыўдан соң ғалаба хабар қуралларына интервью берди:
-Өзбекстанның басшысы менен болған сәўбетимиз оғада мазмунлы болды. Биз Өзбекстан – Россия бирге ислесиўиниң дерлик барлық бағдарларын додаладық, бир қатар әҳмийетли машқалалар бойынша пикир алыстық.
Шавкат Мирзиёев Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында айтып берди. Россия менен бирге ислесиўди кеңейтиў жолындағы ҳәрекетлери жаңаланыў процессине үнлес екени де анық. Анығын айтсам, кейинги үш жылда Өзбекстанда жүз берип атырған өзгерислер, түрли тараўларда ерисилип атырған жоқары нәтийжелер менде жақсы тәсир қалдырмақта.
Бүгинги Өзбекстан пүткиллей басқаша, ашық мәмлекет. Президент Шавкат Мирзиёев белгилеп берген әҳмийетли бағдарлар жүдә анық, дурыс таңланған. Өзбекстан бул бағдарлардан өзгермей баратырғаны себепли экономика, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да тараўларда жоқары жетискенликлерге ериспекте. Президентке ҳәмме қулақ салып атыр, соның менен бирге мәмлекет басшысы да халықты тыңлап, машқалаларға тезлик пенен итибар қаратпақта.
Биз Россияның бизнес ўәкиллеринде Өзбекстанға бундай дәрежедеги қызығыўшылықтың пайда болатуғынын күтпеген едик. Өзбекстан тәрепинен де тап усындай қызығыўшылық бақланбақта. Инвесторларды, киши ҳәм орта бизнес ўәкиллерин қоллап-қуўатлаў бойынша, ашық түрдеги нызам қағыйдалар жүзеге келди.
Соны исеним менен айтыўым мүмкин, Өзбекстан-Россия қатнасықларын буннан былай да раўажландырыўдың имканиятлары кең. Буны Президент ҳәм парламент ағзалары менен болған ушырасыўымызда тастыйықлайды. Өзбекстанның экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў, өнимниң айланысын бир неше мәртеге арттырыўға қызығыўшылығы күшли. Өним алмасыў көлемин жақын келешекте 10 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы қойылған. Еки мәмлекеттиң түрли дәрежедеги сөйлесиўлери буның ушын ҳәзирден пуқта тийкар жаратпақта.
ӨзА