Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен өткерилген «Ибратлы шаңарақ» таңлаўында Кегейли районы «Ақтуба» аўыл пуқаралар жыйынында Жалаловлар шаңарағы жеңимпаз болды.

Президентимиздиң «Ҳаял-қызларда қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы ҳаял-қызлардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў, олардың шаңарақ ҳәм жәмийеттеги орны және статусын беккемлеўге, шаңарақлардағы социаллық-руўхый орталықты және де жақсылаўға хызмет етпекте. Усы ҳүжжеттиң орынланыўын тәмийинлеў, жаслар арасында шаңарақтың муқаддеслигин үгит-нәсиятлаў, үлгили шаңарақларды көрсетиў мақсетинде «Ибратлы шаңарақ» таңлаўы турақлы өткерип келинбекте.

«Саламат шаңарақ – саламат жәмийет» концептуаллық идеясын турмысқа енгизиў, заманагөй үлгили шаңарақтың өлшемлерин белгилеў, «Шаңарақ жәмийет ҳәм мәмлекеттиң қорғаўында» конституциялық принципти кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде өткерилген таңлаў қатнасыўшылары сәлемнама ҳәм шаңарақтың турмысына байланыслы фотоальбом усыныў, видеоролик, сораў-жуўап ҳәм сахна көринисиниң шәртлери бойынша өзлериниң шеберлигин көрсетти.

Таңлаў жеңимпазы Жалаловларды оқытыўшылардың шаңарағы, десек қәтелеспеймиз. Шаңарақтың баслығы Жеңис Жалалов райондағы 11-улыўма орта билим бериў мектебиниң химия пәни оқытыўшысы, зайыбы Минайим Дошымова усы мектептиң тәжирийбели математика пәни муғаллими сыпатында мийнет етпекте.

Өз кәсибиниң маманлары есапланған Жеңис Жалалов пенен Минайим Дошымова еки перзентти тәрбиялап камалға келтирди. Улы Зухратдин Караматдинов Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалының 2-курс, қызы Айжамал Караматдинова Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети халықаралық журналистика факультетиниң 3-курс студенти.

Уллары Зухратдин орта мектепте ҳәм Кегейли қурылыс ҳәм мәлимлеме технологиялар кәсип-өнер колледжинде билим алған ўақытларында ӨзХДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен өткерилген «Жас сиясатшы» таңлаўында, «Юрт келажаги» республикалық балалар дөретиўшилик фестивалында сыйлы орынларды ийелеп, ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланған. Қызы Айжамал 2017-жыл Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты болды. Оның «Ақтубаның қызыман», «Ҳа гүбелек, гүбелек» қосығы ҳәм «Жүзик» гүрриңлер топламы басып шығарылды. Итибарлысы сонда, «Жүзик» топламы қарақалпақ ҳәм инглис тиллеринде басып шығарылды. «Кекселерде бала болған» топламына Айжамалдың бир қатар гүрринлери киргизилди.

– Өсип киятырған әўладты миллий қәдириятлар тийкарында тәрбиялаўда шаңарақ үлкен әҳмийетке ийе, – дейди Минайим Дошымова. – Биз ҳәм перзентлеримиз қолға киргизип атырған жетискенликлер шаңарағымыздағы орталық, өз-ара ҳүрмет ҳәм тынышлық-парахатшылықтың нәтийжеси болып есапланады. Усы таңлаўда жеңимпаз болғанымыз да шаңарағымыздың татыўлығынан. Таңлаўдың кейинги басқышында да табыслы қатнасамыз.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.