Ташкентте 20-сентябрь күни Орайлық Азия экономикалық бирге ислесиўине ағза мәмлекетлер энергетика министрлериниң биринши регионаллық сөйлесиўи (CARES) ҳәм «Энергетика инвестиция форумы-2019» өз жумысын баслады.

CARES Азия раўажланыў банкиниң басламасы менен 1997-жылы регионаллық ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди  және де кеңейтиў мақсетинде шөлкемлестирилген. Бүгинги күнде шөлкемге 11 мәмлекет ағза. CARES шеңберинде бажыхана, транспорт-транзит, энергетика, суў ресурсларын басқарыў, туризм, инвестиция сыяқлы бағдарларда регионаллық жойбарлар әмелге асырылып келинбекте. Быйылғы жылдан баслап шөлкемге Өзбекстан басшылық етпекте.

Орайлық Азия экономикалық бирге ислесиўине ағза мәмлекетлер энергетика министрлериниң биринши регионаллық сөйлесиўинде қатнасыўшы мәмлекетлер-Өзбекстан, Аўғанстан, Әзербайжан, Грузия, Қазақстан, Қырғызстан, Монғолия, Пакистан, Тәжикстан мәмлекетлериниң энергетика министрлери қатнасты. Сондай-ақ, Түркия энергетика министри бақлаўшы сыпатында қатнасты.

Илаждың ашылыўында Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Ариповтың қатнасыўшыларға қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы энергетика министри Алишер Султанов оқып еситтирди.

Илажда CARES регионаллық экономикалық бирге ислесиўдиң тәсиршең механизми сыпатында раўажланғаны, Өзбекстан болса шөлкем шеңбериндеги конструктивлик сөйлесиўди тәмийинлеўде айрықша орын тутатуғыны атап өтилди.

Кейинги еки жылда бул бағдарда мәмлекетимизде үлкен қәдемлер қойылды. Жанылғы-энергетика тараўына базар механизимлерин енгизиў жумыслары алып барылмақта. Өзбекстанда атом энергетикасын раўажландырыў мақсетинде Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2018-жыл  19-июльдағы «Өзбекстан Республикасында атом  энергетикасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, Министрлер Кабинети жанында Атом энергетикасын раўажландырыў агентлиги дүзилди. Бул агентлик атом энергетикасын раўажландырыў тараўында мәмлекетлик басқарыў уйымы етип белгиленген.

Сөйлесиўде регионда энергетика тараўындағы бирге ислесиўди және де раўажландырыў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Атап өтилгениндей, Орайлық Азияда экономикалық өсиўди тәмийинлеў зәрүрлиги ҳәм энергияға болған талаптың артып барыўы нәтийжесинде 2030-жылға келип регионда энергия куўатлығын еки есеге арттырыў талап етиледи. Бул болса, өз гезегинде, тараўға киргизилетуғын улыўма инвестициялардың көлемин 400 миллиард долларға арттырыўды талап етеди.

Сөйлесиўде инвестициялар ушын қолайлы шараятты жаратыўға байланыслы усыныслар болып өтти. Регионаллық энергетика қәўипсизлигин арттырыў, мәмлекетлердиң энергетика системаларын реформалаў ҳәм  энергетика базарларын еркинлестириў усыныслары алға қойылды.

Илаж шеңберинде CARESқа ағза мәмлекетлер энергетика министрлери  тәрепинен қоспа декларацияға қол қойылды.  Бул тарийхый ҳүжжет шөлкемге ағза мәмлекетлерге CARES – 2030  ушын улыўмалық энергетика стратегиясын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў, БМШтың турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде бирге ислесиўди беккемлеўди нәзерде тутады.

– Энергетика тараўы региондағы экономикалық өсиўди қоллап-қуўатлайды, – деди Азия раўажланыў банкиниң вице-президенти Дивакар Гупта. – Сөйлесиў шеңберинде қол қойылған ҳүжжет болса регионда исенимли ҳәм арзан энергия дерегин, турақлы энергия базарларын раўажландырыў, ғәрезсиз энергия ресурсларынан пайдаланыў бойынша бирге ислесиўди беккемлейди.

Илажда CARESтиң келеси 10 жыллық ушын энергия стратегиясы  тастыйықланды.

Усы күни сөйлесиў қатнасыўшылары Ташкентте шөлкемлестирилген «Энергетика инвестиция форумы-2019» ашылыўында қатнасты.

Бул илаж регионда энергетика секторының жаңа имканиятларын ашыў, жеке меншик инвестицияларды тартыў мақсетинде шөлкемлестирилди. Онда энергетика тараўының басшылары, инвесторлар, халықаралық финанс иниститутлары, дипломатиялық корпус, исбилермен топар ўәкиллери қатнаспақта.

Форумда Орайлық Азияда альтернатив энергия дереклерине өтиўди пайдалы бизнеске айландырыў  мәселелери, энергетика тараўындағы регионаллық стартаплар ҳәм инновациялық бизнес моделлер көрип шығылып, бизнес жүргизиў тәртип-қағыйдалары  бойынша ушырасыўлар шөлкемлестирилмекте.

CARESқа ағза мәмлекетлер энергетика министрлериниң биринши регионаллық сөйлесиўи ҳәм «Энергетика инвестиция форумы-2019» қатнасыўшылары пайтахтымыздағы Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық үлкен театрының «Open Air» концерт бағдарламасында қатнасты.

photo5199425046068702602.jpg

photo5199425046068702603.jpg

photo5199425046068702604 (1).jpg

photo5199425046068702605.jpg

 

Малоҳат ҲУСАНОВА,

ӨзАның хабаршысы