Усы жылдың 20-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинде Россия Федерациясы Ҳүкимети Баслығының биринши орынбасары – қаржы министри А.Силуановтың басшылығындағы делегация менен ушырасыў болып өтти.
Ушырасыў ўақтында еки мәмлекет басшыларының мәмлекетлик сапар етиўлери, жоқары дәрежедеги басқа да ушырасыўларының жуўмақлары бойынша ерисилген келисимлердиң орынланыўы, сондай-ақ, оларды белгиленген мүддетлерде ҳәм толық түрде орынлаў бойынша әмелге асырылып атырған зәрүр илажлар додаланды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2020-жылдың басында Россия Федерациясына әмелге асырылатуғын сапарына таярлық мәселелери көрип шығылды, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў бойынша бир қатар ҳүжжетлер, соның ишинде, стратегиялық жақтан әҳмийетли инвестициялық жойбарларды ислеп шығыўға байланыслы илажлар белгилеп алынды.
Соның менен бирге, ушырасыў ўақтында ең әҳмийетли тараўлар, атап айтқанда, Евразия экономикалық аўқамы менен өз-ара бирге ислесиўди жолға қойыў шеңбериндеги еки тәреплеме бирге ислесиўди тереңлестириў бойынша пикир алысылды.
Тәреплер өз-ара мәпдарлық ҳәм исеним принциплерине тийкарланған қатнасықлардың жоқары дәрежеси, сондай-ақ, оны және де кеңейтиў бойынша үлкен потенциал бар екенлигин атап өтти.
ӨзА