Чолпан ата қаласында 2018-жылдың сентябрь айында Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў Кеңесиниң алтыншы саммити болып өткен еди. Саммитте Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев ҳүрметли мийман сыпатында қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы Саммитте шығып сөйлеп, бул халықаралық структураның келешегине үлкен үмит, исеним менен қарайтуғынын, Өзбекстан оның жумысында әмелий жақтан қызығыўшылық оятатуғын бағдарлар бойынша қатнасыўға таяр екенлигин атап өтти.
Президент Шавкат Мирзиёев 2019-жыл 14-сентябрь күни «Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў Кеңесин дүзиў ҳаққындағы Нахичеван Келисимин (Нахичеван, 2009-жыл 3-октябрь) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызамға қол қойды. Бул болса Өзбекстанның ҳалықаралық структура шеңберинде бирге ислесиўди белсендилик пенен қоллап-қуўатлаўдың тәрептары екенлигин және бир мәрте тастыйықлады.
Өз гезегинде, шөлкемге ағза мәмлекетлер Өзбекстанның Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў Кеңесине кириўин қанаатланыўшылық пенен қарсы алды.
Атап айтқанда, Әзербайжан сыртқы ислкер министрлиги Өзбекстанның Нахичеван келисимин ратификациялаўы түрк тиллес мәмлекетлердиң аўызбиршилигин беккемлеўде гезектеги әҳмийетли ўақыя екенин атап өтти.
«Өзбекстан Республикасының Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў Кеңесине ағза болыў қарары көп әсирлик мәдений, тарийхый байланыслар, туўысқанлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў, түрк тиллес мәмлекетлердиң мәпин бирге ислесиўин беккемлеўде айрықша әҳмийетке ийе.
Бакуде 15-октябрь күни Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў Кеңесиниң гезектеги саммитинде Өзбекстан делегациясын күтип алыў биз ушын үлкен мақтаныш» дейиледи Әзербайжан сыртқы ислер министрлигиниң баянатында.
Сондай-ақ, усы әҳмийетли ўақыя мүнәсибети менен Қырғызстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги де рәсмий баянат пенен шықты. Онда мәмлекетимиздиң бул абырайлы Кеңеске қосылыўына алғыс айтылды.
«Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў Кеңесине басшылық етип атырған Қырғызстан Өзбекстанның бул бағдардағы қарарын жоқары баҳалайды. Өзбекстанның бул тарийхый қәдеми шөлкемниң жумысларына жаңаша руўх бағышлайды ҳәм түркий тиллес мәмлекетлер арасында бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм кеңейтиўде айрықша әҳмийетке ийе болатуғынына гүман жоқ» деп келтирилген Қырғызстан сыртқы сиясат мәкемесиниң баянатында.
Қазақстанның Сыртқы ислер министрлиги болса бул бағдардағы Өзбекстанның умтылысларын төмендегише баҳалайды:
«Өзбекстан шөлкемниң ағзалығын қоллап-қуўатлайтуғыны бойынша баянат берди. Түрк дүньясы ушын оғада әҳмийетли болған бул қарар Нахичеван Келисиминиң 10 жыллық байрамы сәнесине туўра келди. Өзбекстанның Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў Кеңесине ағзалығы бағдарындағы қарар 2019-жылдың 15-октябрь күни, Бакуде болып өтетуғын гезектеги саммите қабыл етиледи».
Түркия да Өзбекстанда «Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў Кеңесин дүзиў ҳаққындағы Нахичеван Келисимин (Нахичеван, 2009-жыл 3-октябрь) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызамға қол қойылыўын қанаатланыўшылық пенен күтип алды. Өзбекстанның шөлкемге ағза болыўы түрк тиллес мәмлекетлердиң аўызбиршилигин беккемлеў, бирге ислесиўин тереңлестириў имканиятын беретуғынын атап өтти.
Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў Кеңеси түрк дүньясы мәмлекетлериниң қарым-қатнасын ҳәм бирге ислесиўин раўажландырыў ушын шөлкемлестирилген халықаралық платформа болып табылады. Шөлкем Әзербайжанның Нахичеван қаласында 2009-жылдың 3-октябрь күни Түркия, Әзербайжан, Қазақстан ҳәм Қырғызстанның қатнасыўында дүзилген еди. Оның жумысының принциплери 2016-жылы 16-сентябрьдеги Стамбул декларациясында жәрияланған.
Шарофиддин Тўлаганов,
ӨзАның хабаршысы