Олий Мажлис Сенатында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоевтиң Япония парламенти Ўәкиллер палатасы делегациясы менен ушырасыўы болып өтти.
Сойлесиў даўамында делегация ағзалары Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында хабардар етилди. Олардың әмелий нәтийжелери исбилерменлик орталығының жақсыланыўында, макроэкономикалық көрсеткишлердиң турақлылығында, сырт мәмлекетлер ҳәм абырайлы халықаралық финанслық структуралардың Өзбекстан менен бирге ислесиўди тереңлестириўге қызығыўшылығы барған сайын артып атырғанында өз көринисин таппақта.
Японияның финанслық-техникалық жәрдеми себепли Өзбекстанда денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, энергетика, транспорт, телекоммуникациялар сыяқлы тараўларда бир қатар социаллық әҳмийетке ийе ҳәм инфраструктуралық жойбарлар әмелге асырылды.
Ушырасыўда алып барылып атырған реформалардың ҳуқықый тийкарын жаратыў ҳәм жетилистириўде парламенттиң роли артып атырғаны атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан – Япония арасында парламентлераралық сөйлесиўди жеделлестириў парламент ағзаларының бирге ислесиў механизмин раўажландырыў ҳәм беккемлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди. Бул процесслерде «Олий Мажлис – Япония парламенти» парламентлераралық топары, Японияның Өзбекстан менен дослық парламентлик лигасы ҳәм «Япония – Өзбекстан демократиялық партиясы» дослық лигасы айрықша роль атқарады.
Еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары, соның ишинде, Өзбекстан ҳәм Япония арасында парламентлераралық бирге ислесиўди тереңлестириў, сондай-ақ, регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша пикир алысылды.
– Бизлер Өзбекстанға Япония сиясатында әҳмийетли орынға ийе болған мәмлекет сыпатында қараймыз, – деди Япония Ўәкиллер палатасының ағзасы Карэн Макишима. – Бүгин бир қатар дыққатқа ылайық орынларда болдық. Пурсаттан пайдаланып, Өзбекстан халқына японлардың естелигине ҳүрмет пенен қатнасықта болғаны ушын миннетдаршылық билдирмекшимен. Бул сапар япониялы исбилерменлер ушын да үлкен әҳмийетке ийе.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан ҳәм Япония бирге ислесиўи халықаралық ҳәм регион күн тәртибиндеги барлық мәселелер бойынша жоқары дәрежедеги стратегиялық шерикликти өз ишине алады.
Ушырасыўдың жуўмақлары бойынша тәреплер буннан былай да еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеў ушын барлық ҳәрекетти иске қосыўға таяр екенин билдирди.
Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы