БМШ инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң Судьялар ҳәм адвокатлардың еркинлиги мәселелери бойынша арнаўлы баянатшысы Диего Гарсия-Сайян басшылығындағы делегацияның мәмлекетимизге болған сапары шеңберинде 19-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигинде ушырасыў болып өтти.

Сөйлесиў даўамында БМШ ҳәм бул абырайлы шөлкемниң структуралары менен бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарлары додаланды.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде демократиялық нормалар тийкарында беккем сиясий система жаратылған. Жәмийетте нызам үстинлигин тәмийинлеў, инсан мәплерин қорғаўдың беккем ҳуқықый механизми бар. «Хабеас корпус» институтының шөлкемлестирилип атырғаны мәмлекетимизде халықаралық тәжирийбе ҳәм принциплерди әмелиятқа избе-из енгизиўдеги умтылысын көрсетеди.

Илаж соңында тәреплер 2021-2023-жылларда Өзбекстан кандидатурасын БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң ағзалығына көрсетиў бойынша сөйлесиўди даўам еттириўге таяр екенлигин билдирди.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судында шөлкемлестирилген ушырасыўда мийманларға Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы, Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) ҳәм Конституциялық судының жумысы ҳаққында мағлыўмат берилди.

БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң ағзалары күнниң екинши ярымында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева менен ушырасты.

Сөйлесиў даўамында суд системасы, оның еркин ҳәм қалыс жумыс алып барыўын шөлкемлестириў, әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм субъектлерди қорғаў, сондай-ақ, ҳуқықый жәрдемнен пайдаланыў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Өзбекстанда соңғы жылларда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларын еркинлестириў бойынша кең көлемли жумыслардың әмелге асырылып атырғаны атап өтилди. Пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, олардың нызамлы мәплерин тәмийинлеў бағдарында исенимли қәдемлер тасланғаны айрықша атап өтилди. Әдил судлаў системасын жаратыўға қаратылған реформаларға жоқары баҳа берилди.

– Өзбекстанда суд системасының еркинлигин тәмийинлеў жолында қойылған унамлы қәдемлерди айрықша атап өтиў керек, – деди Диего Гарсия-Сайян. – Судьяларды таңлап алыў, судлардың қәнигелесиўи, суд ислериниң бөлистирилиўи сыяқлы процесслер сәўлеленген миллий системаның халықаралық тәжирийбе тийкарында ислеп шығылғаны қуўанарлы жағдай.

Мәмлекетимизде пуқаралық, шаңарақлық ҳәм жынайый ислер бойынша сырт ел арбитражы қарарлары, ҳуқықый жәрдем ҳәм ҳуқықый қатнасықларды тән алыў және атқарыўға байланыслы БМШ конвенциялары, 30 ға шамалас халықаралық шәртнамалар ратификацияланған.

Ушырасыўда Өзбекстанда суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың әдил судлаўдың демократиялық принциплерин әмелге асырыў ушын зәрүр шараятларды жаратыўға қаратылғаны атап өтилди.

БМШ делегациясы сол күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддинжон Исмоилов ҳәм Судьялар жоқарғы кеңесиниң баслығы Убайдулла Мингбоев қатнасыўында шөлкемлестирилген ушырасыўда да қатнасты.

Илажда Өзбекстанда суд уйымларының еркинлигин хошаметлеў ҳәм қорғаў бойынша алып барылып атырған жумыслар, нызам дөретиўшилиги, судьялар жоқарғы кеңесиниң жумысы, судьларды таңлап алыў, тайынлаў ҳәм таярлаўдағы суд интизамы сыяқлы мәселелер додаланды.

БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңеси делеагциясының сапары даўам етпекте.

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы