2019-жыл 19-сентябрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысының ҳәр қыйлы тараўларында әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеўге қаратылған бир қатар нызам жойбарларын көрип шықты.

Атап айтқанда, парламент ағзалары «Төлемлер ҳәм төлеў системалары ҳаққында»ғы нызам жойбарын екинши оқыўда додалады.

Атап өтилгениндей, бүгинги цифрлы технологиялардың раўажланыўы төлеў хызметлери базарын да раўажландырыўды талап етпекте. Бирақ ҳәзирги ўақытта елимизде төлеў агрегатлары тәрепинен көрсетилетуғын хызметлердиң көлеми шекленген болып, олар тийкарынан мобиль байланыс, интернет, коммуналлық ҳәм басқа да хызметлер ушын төлемлерди әмелге асырып киятыр. Себеби толем шөлкемлери ҳәм төлеў системасы операторларының жумысы яки банк нызамшылығы, яки басқа нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер менен тәртипке салынбаған. Төлемлер ҳәм төлеў системаларын тәртипке салыў, қадағалаў бағдарында анық бир мәмлекетлик уйымның ўәкилликлери менен миннетлемелери  нызамшылықта анық белгилеп берилмегени де усы тараўда қәўип-қәтерлерди пайда етип атыр.

Депутатлар додалаған бул нызам жойбары усы бағдардағы қәўип-қәтерлердиң алдын алыў менен бирге, бир қатар әҳмийетли  мәселелерди шешиўге қаратылғаны менен әҳмийетли болып есапланады. Жойбар, дәслеп, усы шөлкемлер тәрепинен көрсетилетуғын хызметлердиң көлемин кеңейтеди, төлем шөлкемлерине микрофинанс хызметлерин көрсетиў, электрон пуллар менен операцияларды әмелге асырыў сыяқлы хызметлерди усыныў ўәкиллигин береди. Бул өзгерислер электрон хызметлердиң ғалабалығын арттырады, төлеўшилер ушын қолайлықлар жаратады.

Әмелиятта жаңалық болған, мине, усы әҳмийетли тәреплериниң халқымызға үлкен пайда келтириўин есапқа алып, бул нызам жойбары усы жылдың 3-июль күни Нызамшылық палатасының жалпы мәжилисинде биринши оқыўда концептуаллық жақтан қабыл етилген еди. Өткен ўақыт даўамында жуўапкер комитет ҳәм жумысшы топар тәрепинен бир неше рет додалаўлар өткерилди, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллериниң қатнасыўында жойбардың қағыйда ҳәм нормалары жетилистирилди. Норма дөретиўшилиги талапларынан келип шығып, жойбардан усынылған нормалар шығарылып, тиккелей ислейтуғын статьялар киргизилди.

Мәжилисте шығып сөйлегенлер депутатлар да, коммерциялық банклердиң жуўапкерлери де, төлеў системасының операторлары да бүгинги күнде бул нызам жойбарының қабыл етилиўи үлкен әҳмийетке ийе екенлигин, оған оғада үлкен талап бар екенлигин атап өтти. Олардың пикиринше, жойбардың қабыл етилиўи республикалық миллий төлеў системаларының үзликсизлигин тәмийинлеўге ҳәм турақлылықты арттырыўға, банклер ҳәм төлеў системасының операторлары ҳәм төлеў шөлкемлериниң хызметкерлеринен пайдаланыўшылардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўға хызмет етеди.

Мәжилисте системаластырылған нызамшылық базасын қәлиплестириў, әмелге асырылып атырған реформалардың ҳуқықый жақтан тәмийинлениўин жетилистириў мақсетинде ислеп шығылған «Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққында»ғы нызам жойбары халық ўәкиллери тәрепинен биринши оқыўда ҳәр тәреплеме додаланды.

Депутатлардың атап өтиўинше, бул нызам жойбарының қабыл етилиўи коллизион нормалар, еки түрли шолыў, коррупция көринислери де мәмлекет тәрепинен артығы менен тәртипке салыў жағдайларына алып келетуғын уйымлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң қабыл етиў әмелиятын сапластырыўда ҳуқықый тийкар болады. Сондай-ақ, ҳуқықый тараўдағы кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырған дәўирде норма дөретиўшилигиниң жумысына тийисли барлық өзгерислерди, соның ишинде, нызамлардың тиккелей әмел етиў механизмин нызамшылық дәрежесинде беккемлеў тәмийинленеди. Нызамлар ҳәм басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди қабыл етиў тийкарын ҳәм тәртипке салыў предметин анық белгилеў, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын келисиўдиң улыўма қағыйдалары орнатылды.

Нызамшылық палатасының мәжилисинде қызғын додаланған мәселе – Өзбекстан Республикасының «Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў ҳаққында»ғы нызам жойбарынан Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм суд-ҳуқық мәселелери бойынша комитетиниң жуўмағына бола бас тартылды.

Мәжилисте сондай-ақ, парламент төменги палатасының ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер додаланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының

Баспасөз хызмети

 

ӨзА