Елликқала районының ҳәкими, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Сейдамат Авезов 79 килограмм пахта терип, район қырманына өз үлесин қосты.
Усы жылы район бойынша 10 мың 740 гектар майданға шигит егилип, пахта белгиленген агротехникалық илажлар тийкарында тәрбияланды. Быйылғы мәўсимде 27 мың 470 тонна шийки затын жетистириў ушын 223 фермер хожалығы «Бостан» кластери менен контрактация шәртнамасын дүзди.
Фермерлердиң ерте бәҳәрден баслап еткен пидәкерлик мийнетлери, маңлай териниң нәтийжесинде жетистирилген пахта зүрәәтин шөлкемлескенлик пенен жыйнап-терип алыў мақсетинде район ҳәкиминиң район халқына мүрәжаты қабыл етилди.
Мүрәжатта атап өтилгениндей, атызларда мәмлекетлик буйыртпа тийкарында дүзилген контрактация шәртнамаларын толық қаплайтуғын, жергиликли ғазнамыз ушын көп дәрамат келтиретуғын мол зүрәәт бар. Хәммемиздиң баслы ўазыйпамыз, мине усы ырысқы-несийбемиз ҳәм абаданлығымыздың дәреги, баҳалы санаат шийки затын жаўын-шашын, салқын күнлерге қалдырмастан терип алып, регионымызда бириншилердиң қатарында дүзилген пахта кластерине тапсырыў, белгиленген режени мүддетинен алдын орынлаўдан ибарат. Оны ҳәр бир елликқалалы азамат жүрек ҳәмири менен аңлайды ҳәм улыўмахалықлық ҳәрекетке қосылады. Район фермерлери тәрепинен атызларда пахта терими менен бәнт пуқаралар, жәмлеспеген ҳалық ҳәм ўақтынша жумыссыз жаслар, өзлериниң қәлеўи менен көмекке келген пидәкерлердиң өнимли мийнет етиўи ҳәм дем алыўы, аўқатланыўы, қатнаўы, терилген шийки зат ушын тийисли ҳақының өз ўақтында берилиўин тәмийинленбекте.
Мүрәжатты бириншилерден болып кексе нуранийлер, жасы үлкен ата-аналар қоллап-қуўатлады. Олардың басламасы менен сол күни райондағы «Дийдор пахтокори» фермер хожалығына 160 адам жәрдемге келди. Фермер атызында жәрдемши-теримшилер арасында жарыс шөлкемлестирилди. Онда 190 килограмм пахта терген Роҳила Тожибоева жеңимпаз болды. Алдынғы теримшилерге район ҳәкимлиги тәрепинен баҳалы саўғалар тапсырылды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.