Олий Мажлис Сенатында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоеваның БМШ Бас хаткериниң орынбасары, Жол ҳәрекети қәўипсизлиги бойынша арнаўлы ўәкили Жан Тодт пенен ушырасыўы болып өтти.
Онда жол ҳәрекети қәўипсизлиги мәселелери, сондай-ақ, тараўда бирге ислесиў, соның ишинде, Өзбекстанның жол ҳәрекети қәўипсизлиги бойынша БМШтың тийкарғы конвенцияларына қосылыўы ҳәм оларды әмелге асырыў перспективалары додаланды.
Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң 2018-жылдағы Глобал есабатында атап өтилгениндей, Өзбекстан жол ҳәрекети қәўипсизлиги тараўындағы жумыслардың жағдайы бойынша Орайлық Азияда жетекши орынды ийелейди.
Тәреплердиң атап өткениндей, Өзбекстан БМШтың жол ҳәрекети қәўипсизлиги бойынша төрт конвенциясының қатнасыўшысы есапланады. Бул конвенциялар мәмлекеттиң исенимли нормативлик-ҳуқықый базасын ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлигиниң комплексли миллий системаларын жаратыўда өзиниң нәтийжели екенлигин дәлилледи.
Жан Тодт Өзбекстан ҳүкиметиниң жол ҳәрекети қәўипсизлиги көрсеткишлерин жақсылаў бағдарындағы илажларына жоқары баҳа берип, Өзбекстанды БМШтың бул тараўдағы және бир қатар тийкарғы конвенцияларына қосылыўы бойынша усынысларын билдирди.
Оның сөзлерине бола, айырым мәмлекетлерде көп жағдайларда жол-транспорт ҳәдийселерине жетерли итибар қаратылмайды. Тийкарында болса, жол-транспорт ҳәдийсеси себепли қайтыс болып атырған жаслардың көрсеткиши жоқары болып қалмақта. Жол ҳәрекети қәўипсизлиги бойынша үгит-нәсиятлаў жумысларын билимлендириўдиң төменги буўынынан баслаў керек.
Ушырасыў соңында тәреплер бул тараўдағы еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеў мақсетинде сөйлесиўди даўам еттириўге таяр екенлигин билдирди.
Нурилло Насриев,
ӨзАның хабаршысы