2021-жыл 1-январьдан баслап, ЖҲҚ хызметкерлери сизиң транспорт басқарыў гүўалығыңыздың жаңаланғаны менен қызығып. ески үлгидеги гүўалықлар ушын ҳәкимшилик протоколь дүзиўи мүмкин.

2020-жыл 31-декабрьге шекем ески үлгидеги барлық миллий транспорт басқарыў гүўалықлары жаңа үлгидеги миллий транспорт басқарыў гүўалығына алмастырылыўы керек. Бул ҳаққында Uza.uz сайты хабар бермекте.

Сондай-ақ, ески транспорт басқарыў гүўалығының әмел етиў мүддетине қарамастан, көрсетилген мүддетке шекем жаңа гүўалыққа алмастырылыўы шәрт. Себеби, ески үлгидеги транспорт басқарыў гүўалығы 2021-жыл 1-январьға шекем ҳақыйқый есапланады.

Транспорт басқарыў гүўалығын алмастырыў ушын, ески үлгидеги транспорт басқарыў гүўалығы, талон ҳәм пуқаралық паспорты керек болады.

Алмастырыў ушын турақлы жасаў орнындағы Мәмлекетлик хызметлер орайына, ямаса орайда бундай хызметлер болмаса аймақларда ЖҲҚБның тийисли бөлимлерине мүрәжат етиў керек. Ески транспорт басқарыў гүўалығын алмастырыў ушын базалық есаплаў муғдарының 70 проценти (ҳәзирги ўақытта 156 100 cум) төлем өндириледи.

Жаңа үлгидеги транспорт басқарыў гүўалығы 10 жыл мүддетке бериледи.

Белгиленген мүддетте жаңа транспорт басқарыў гүўалығын алмаған автотранспорт қуралының басқарыўшысы ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылады.

Сондай-ақ, жаңа үлгидеги гүўалық ийесиниң шахсын тастыйықлаўшы рәсмий мәмлекетлик ҳүжжет статусы берилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги