Усы жыл 15-сентябрь күни Қоқанд қаласында 100ден аслам еллердиң өнерментлери, белгили мәденият ғайраткерлери, көркем өнер бойынша илимпазлардың қатнасыўында әнжуман өткерилип, онда елимиздиң барлық аймақларынан өнерментлер қатнасқан еди.

Себеби, елимиздиң ҳәр бир аймағы  өнерментшилик бойынша өз мектебине ийе ҳәм барлығы да ата-бабаларымыздың ески қол өнери усылларын өзинде сақлап келмекте.

Усы илаж шеңберинде И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи алдындағы майданда өнерментшилик көргизбеси болып өтти. Көргизбеде республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан келген өнерментлердиң ислеген халық қол өнери үлгилери қойылды. Илаж қатнасыўшылары Қоқанд қаласында өткерилген әнжумандағы Президентимиздиң шығып сөйлеўин монитор арқалы тыңлады.

Көргизбеде өнерментшиликке байланыслы ҳәр қыйлы буйымлар, сүўретлеў ҳәм әмелий өнери шығармалары, өнимлерди ислеп шығарыў басқышлары, тараўға байланыслы көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлер, китаплар, альбомлар, фотосүўретлер көргизбеси қойылды.

– Мен 1995-жылдан берли халық қол өнери менен шуғылланаман. Миллий саз әсбапларын соғаман. Усы көргизбеге мен миллий саз әсбаплары болған дуўтарларды алып келдим,-дейди Нөкис районынан келген өнермент-уста Жолдасбай Нуратдинов.

Бул әнжуман өнерментшиликти кеңнен үгит-нәсиятлаў, оның дәстүрлерин ҳәм мектебин сақлаў, қайта тиклеў, усы тараўда илимий изертлеў ҳәм үйрениўлерди әмелге асырыў, өз-ара тәжирийбе алмасыў, талантлы өнерментлерди хошаметлеў сыяқлы мақсетлерге хызмет етиўи менен әҳмийетли.

Көргизбе шеңберинде өткерилген руўхый-ағартыўшылық илажлар жыйналғанларда үлкен тәсир қалдырды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Хамраев қатнасты.

Г.Балтабаева,

ҚМУ журналистика бағдарының 4-курс студенти.