Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман!

Талант – илаҳий жемис. Ол бәрқулла итибарға зәрүрлик сезеди. Мәмлекетимизде талант ийелерин анықлаў, оларды қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў мәселелери руўхый-ағартыўшылық тараўларында болып атырған реформалар процесинде тийкарғы орын ийелейди. Бул өзгешеликлер «Ниҳол» сыйлығы ийелериниң дөретиўшилигинде де өз көринисин таппақта.

29-август күни пайтахтымыздағы «Халықлар дослығы» сарайында Өзбекстан Республикасы Президентиниң жас талант ийелери ушын шөлкемлестирилген «Ниҳол» сыйлығының ийелерин салтанатлы сыйлықлаўға бағышланған илаж болып өтти.

Усы мүнәсибет пенен бул саўлатлы сарайға ҳәр қыйлы министрликлер ҳәм уйымлар, дөретиўшилик шөлкемлердиң ўәкиллери, музыка ықласбентлери, кең жәмийетшилик мирәт етилди.

Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева ҳәм басқалар Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен мәмлекетимизде мәденият, көркем өнер, тәлим-тәрбия тараўында алып барылып атырған реформалар жаслардың мәнаўиятын арттырыў, оларды миллий ҳәм жәҳән көркем өнериниң ең бийбаҳа үлгилеринен өрнек алыўындай мақсетлерге қаратылғаны менен әҳмийетли екенин атап өтти. Жаслар ушын шөлкемлестирилип атырған көплеген дөретиўшилик таңлаўлар олардың талантын баҳалаў, мәңги өнип-өсиўи, халыққа танылыўында әҳмийетли фактор болып хызмет етпекте. Итибарға илайық тәрепи, быйылғы «Ниҳол» сыйлығын тапсырыўға бағышланған салтанат «Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аманӘ» деген жақсы сүренди өзинде жәмлеген илажлардың ажыралмас бөлегин қурайды.

2000-жылы шөлкемлестирилген «Ниҳол» сыйлығы талантлы жаслардың жәмийетимиздиң руўхый турмысын арттырыўдағы әҳмийетли орнын есапқа алып, өзиниң эстрада, музықа, классикалық қосық, аяқ ойын ҳәм опера көркем өнери атқарыўшылығы тараўындағы шеберлиги менен адамлардың жүрегин елжирететуғын, ўатанласларымызды жақсыллыққа шақыратуғын, оларды руўхый жақтан жетилискен инсанлар етип тәрбиялаўға хызмет ететуғын шығармалар жаратыўда белсендилик көрсетип атырған дөретиўшилерди турақлы хошаметлеп барыў мақсетинде берилмекте.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 5-мартта қабыл етилген «Өзбекстан Республикасы Президентиниң жас талант ийелери ушын «Ниҳол» сыйлығы таңлаўының районлық (қалалық) ҳәм Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық таңлап алыў басқышларын өткериў ҳаққында»ғы мәжилис пртоколына тийкарланып Мәденият министрлиги тәрепинен усы таңлаўдың дәслепки районлық ҳәм қалалық таңлап алыў басқышлары 2018-жылдың 7-26-май күнлери көтериңки руўхта болып өтти.

Ҳәр еки жылда бир рет өткерилетуғын бул дөретиўшилик жойбардың Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы таңлап алыў басқышлары 2018-жылдың 25-октябрь – 23-ноябрь күнлери табыслы өткерилди. Таңлаўдың районлық (қалалық) басқышында 14 мыңнан аслам, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық басқышларында 1036 жас қатнасып, олардың 206 сы таңлаўдың жуўмақлаўшы республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.

«Ниҳол» сыйлығына талабанлардың дөретиўшилиги эстрада, музыка, классикалық қосық, опера атқарыўшылығы ҳәм аяқ ойын көркем өнери сыяқлы бағдарлар бойынша өткерилген таңлаўлар арқалы таңлап алынды. Ҳәр бир орынға мүнәсип талабанлар таңлаў ушын Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда өткерилген таңлаўлар процесин мүмкиншилиги болғанынша маўасасыз, жоқары дәрежеде өткериўге айрықша итибар қаратылды. Таңлаўда қатнасқан атқарыўшылардың таланты тамашагөйлер, кең жәмийетшилик тәрепинен өзине тән сынақтан өткерилиўине үлкен әҳмийет қаратылды.

Талабанның таланты ҳәм атқарыў мәдениятының өзине тәнлиги, көркем  шеберлиги ҳәм дәрежеси, миллий көркем өнеримиздиң жоқары үлгилеринен хабардар екенлиги менен айрықша ажыралып турыўы, халқымыздың руўхыйлығын арттырыў, ғәрезсизлик идеяларын, жәмийетимизде әмелге асырылып атырған мәдений-ағартыўшылық реформалардың мазмуны ҳәм әҳмийетин көркем өнер қуралында үгит-нәсиятлаўға хызмет етиўине тийкарғы принцип сыпатында қатнас жасалды. Усынылып атырған жумысларды көриўде талабанның профессионаллық таярлығы, көркем  атқарыўшылық шеберлиги, репертуар дәрежеси (музыка, текст), жәмийетлик белсендилиги, адамгершилик пазыйлетлери жетекши қәнигелер тәрепинен жоқары баҳаланғанлығы, жәмийетшилик тәрепинен тән алынғанлығы есапқа алынды.

Соның менен бирге, классикалық қосық, музыка атқарыўшылығы, эстрада, опера, аяқ ойын тараўындағы дөретиўшилик жумысларды баҳалаўда талабанлардың мәмлекетимиз ҳәм сырт елдеги таңлаўларда ерискен жетискенликлери де итибарға алынды. Соның менен бирге «Ниҳол» ийелери жоқары дәреже, жетик дөретиўшилик, ықласбентлерге турақлы ҳүрмет, олардың ҳүрмет-итибарына мүнәсипликти өзи ушын турақлы сүрен деп билиўи жоқары әҳмийетке ийе болмақта.

…Сулыў сахнада музыка көркем өнериниң рәң бәрең бағдарларында қайталанбас атқарыў тамашагөйлерге умытылмас заўық, бир дүнья тәсирлерди бағышлады. Тартымлы музықалық бағдарлама мәмлекетимиз талант ийелерине қаншелли бай екенлигин және бир рет көрсетти.

Жас талант ийелери ушын шөлкемлестирилген бундай сыйлыққа мүнәсип көрилгенимнен оғада қуўанышлыман, – дейди қашқадәрьялы Аҳрор бақсы Хушвақтов. – Билдирилген бундай жоқары исенимди нәтийжели дөретиўшилик пенен  ақлаўға қолымнан келгенинше ҳәрекет етемен.

– Елимиздиң шетки аймақларында өнип-өсип киятырған жас талантлар мине усы таңлаў арқалы анықланбақта, – деди паркентли жас атқарыўшы Нодира Мансурова. – Бундай исеним бизлерди және де көбирек излениўге бағдарлайды.

Салтанатлы илажда «Ниҳол» сыйлығының жаңа  талант ийелерине статуэтка, диплом тапсырылды. Ўатанымызды, ғәрезсизлигимизди, мийнет сүйгиш халқымызды, шын мәнисиндеги адамгершилик сезимлерин жырлайтуғын қосықлар көркем өнер ықласбентлериниң итибарына усынылды.

photo5422704315430185903.jpg

photo5422820829302991621.jpg

photo5422820829302991624.jpg

photo5422704315430185906.jpg

photo5422704315430185907.jpg

photo5422820829302991622.jpg

photo5422704315430185909.jpg

photo5422820829302991627.jpg

photo5422820829302991631 (1).jpg

photo5422820829302991630.jpg

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы