31-август – Репрессия қурбанларын еслеў күни

 

1937-ЖЫЛ МӘРСИЯСЫ

 

Айт, түнлер нийетиң қара ма?

Ҳеш даўа болмас па жарама?

Сен меннен дәртимди сорама!

Мен ада болмаған наламан.

 

Тәғдирим буншелли шор ма еди?

Бәринен сол хатлар зор ма еди?

Жетежақ мурадың сол ма еди? –

Айрылып қалдым ғой, баламнан.

 

Зимистан түрлериң узақты,

Жулдызлар әҳ, әттең, көп ақты…

Ҳақыйқат қайларға ылақтың? –

Жүзиңди үгирип заманнан.

 

Қара түн өтмиште қал енди,

Сен алған адамлар ҳақ еди.

Таңларым тезирек ат енди,

Мен жуда болмайын баламнан.

 

Айт, түнлер нийетиң қара ма?

Даўа жоқ енди сол жарама.

Сен мененнен ҳалымды сорама,

Наҳақлық дәстинен жанаман,

Мен ада болмаған наламан.

 

Кеңесбай РЕЙМОВ,

Өзбекстан Республикасына

мийнети сиңген журналист.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги