Нөкис қаласы Ҳәкимлиги «KRuz.uz» сайтында ҳәм оның телеграмм тармағында жәрияланған пайтахтымыздағы А.Шамуратова көшесиниң И.Каримов көшесине шығатуғын тәрепи бетон тосық пенен тосып қойылғанлығы ҳәм Төрткүл гүзары менен Қарақалпақстан көшесиниң кесилиспесиндеги пиядалар ушын арналған тротуарындағы кемшиликлер бойынша жазған сын материалларына төмендегише мүнәсибет билдиреди.
А.Шамуратова көшеси менен И.Каримов көшесиниң бас тәрепин ҳәм Қарақалпакстан Республикасы Жоқары Кеңеси әтирапында ҳәрекет қәўипсизлигин тамийинлеў, жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыўда ҳәм сол аймақтағы көшелерден қатнап турған автотранспорт қуралларының ҳәрекетин ўақтынша шеклеў мәқсетинде қала Ҳәкимлигиниң 2019-жыл 4-июль күнги 124-б санлы бийлиги менен бул жоллардағы ҳәрекет ўақтынша тоқтатылып турған еди. Ҳәзирги күнде И.Каримов көшесинде транспорт қатнаўы толық тикленди. А.Шамуратова көшесинен И.Каримов көшесине шығатуғын жолдағы бетон тосық та жақын күнлерде алынып, транспорт қатнаўы жолға қойылатуғынлығын мәлим етип билдиремиз.
Сондай–ақ, Төрткүл гүзары менен Қарақалпақстан көшеси кесилиспесиндеги пиядалар ушын арналған тротуарындағы кемшиликлер болса ҳәзирги күнде толық сапластырылып, пайдаланыўға тапсырылғанлығын да мәлим етип билдиремиз.

М.Ерназаров
Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары