2019-2020-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларына өткерилген тестлер 15-августта жуўмақланған болса да, 19-август күни 39 абитуриент Мәмлекетлик тест орайы имаратында тест тапсырған.

Хош, МТО имаратында тест тапсырған 39 абитуриент ким еди?

21-август күни болып өткен брифингке қатнасқан Мәмлекетлик тест орайы басқарма баслығы Диёрбек Қўчқоров тест процеслери жуўмақланған күннен кейин төрт күн өтип, яғный 19-август күни МТО имаратында 39 абитуриент не ушын имтихан тапсырғанына түсиник берди, деп жазады Kun.uz.

«Ҳүжжетлерди қабыллаў процесинде операторлардың айыбы менен техникалық қәтелик пенен тест сынақларына қатнаса алмаған 50 абитуриент бар екенлиги анықланды. Мәмлекетлик комиссиясының рухсаты менен оларға имканият берилип, операторлар қәтелериниң алдын алыў мақсетинде 19-август күни саат 14:00 де МТО имаратында абитуриентлер ушын ата-аналарының видеобақлаўы тийкарында тест сынақлары өткерилди. Оған 50 абитуриенттен 39 ы қатнасты. Нәтийжелер сол күни жәрияланды», – деп айтып өткен.

Сондай-ақ, мәлим болыўынша, ҳәр қыйлы себеплерге байланыслы тест сынақларына қатнаса алмаған 24 мың 930 абитуриенттиң ҳүжжетин қабыл етиўде ең кем мийнет ҳақының ярым есеси (101 мың 365 сум) муғдарында төлеген төлеми абитуриентлердиң өзлерине қайтарылыў ямаса қайтарылмаў мәселеси анық емес. Бул мәселе нызамшылық шеңберинде көрип шығылады ҳәм нәтийжеси халыққа жәрияланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.