2019-жыл 21-август күни саат 01 ден 54 минут өткенде Ташкент қаласы Шайхонтоҳур районы Әлийшер Наўайы көшеси 69-жайда жайласқан Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясы (ӨзМТРК) аймағында жайласқан асханада өрт жүз берген.

Бул ҳаққында өрт-қутқарыў хызметине хабар келип түскен.

Айрықша жағдайлар министрлиги Өрт қәўипсизлиги бас басқармасы ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиў бөлиминен хабар етиўинше, ўақыя орнына оператив түрде 12 өрт өшириў автоэкипажы жиберилген.

Биринши бөлимлер шақырылған мәнзилге саат 02 ден 00 минут өткенде жетип барған ўақтында ӨзМТРК аймағында жайласқан асхана ҳәм жәрдемши ханалар өртенип атырғанлығы анықланған. Өрт өшириў бөлимлери тәрепинен көрилген оператив ҳәрекетлер нәтийжесинде өрт саат 02 ден 45 минут өткенде қоршап алынып, саат 03 тен 36 минут өткенде толық сапластырылған. Дене жарақатын алғанлар ҳәм қайтыс болғанлар жоқ.

Өрт ақыбетинде асхана ҳәм жәрдемши ханалардың үстки ҳәм ишки тәрепи 400 кв.метр майданда жанып зыян келтирилген. Өрттиң себеби асхана қоймаханасындағы электр системасында жүзеге келген авария жағдайынан деп болжанбақта. Материаллық зыянның муғдары анықланбақта.

ӨзА