Президенттиң өткен жылдағы сапары даўамында берилген көрсетпелер тийкарында ҳүкиметтиң Мойнақ районын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасы қабыл етилди. Онда 2019-2021-жылларда улыўма 1 триллион 485 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылыўы белгиленген. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди.
Қысқа ўақыт ишинде бир неше объектлер пайдаланыўға тапсырылды. Атап айтқанда, 800 орынлық амфитеатр ҳәм мәмлекетлик хызметлер орайы қурылды, мәденият орайы ҳәм стадион, «Бозатаў» аўыл пуқаралар жыйынындағы шаңарақлық поликлиника реконструкцияланды.
Июль айында «Мўйноқ порлоқ текс» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен тигиўшилик кәрханасы иске қосылды. 350 жумыс орны жаратылды.
Заманагөй машиналар орнатылған бул кәрхана жылына 1 миллион дана таяр тигиўшилик ҳәм трикотаж өнимлерин ислеп шығыў қуўатлылығына ийе. Ҳәзирги ўақытта простина ҳәм көрпе тыслары, арнаўлы жумыс формалары тигилмекте. Бул жердесаўда дүканы шөлкемлестирилген. Жаңадан қурылып атырған жайлардан кәрхана хызметкерлери ушын турақ жайлар ажыратылған.
Шавкат Мирзиёев кәрхананың жумыслары менен танысты, жумыс ислеп атырған ҳаял-қызлар менен сәўбетлести.
– Мойнақтағы өзгерислерди, сизлердиң көзлериңиздеги разылықты көрип оғада қуўанышлыман. Бул – алыс-алыс аймақларға барып ислеп атырған жумысларымыздың нәтийжеси. Егер кимдур бизлердиң реформаларымыздан гүман ететуғын болса, Мойнаққа келип көрсин, – деди Президент.
Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге кәрхананы турақлы ислетиў, өним түрлерин көбейтиў бойынша көрсетпелер берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.