Қарақалпақ мәмлекетлик Қуўыршақ театрында «Ең уллы, ең әзиз» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.
Ўатанымыз Ғәрезсизлигиниң 28 жыллығы байрамына бағышлап «Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман!» сүрени астында өткерилген таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаўға бағышланған салтанатлы илажда аймақтағы дөретиўшилер, тийисли мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.
Илаж қатнасыўшылары кейинги жылларда Аралбойында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, дөретиўшилерге жаратылған шараятлар ҳәм оларды хошаметлеў бағдарындағы өткерилип атырған илажлардың мазмун-мәнисине тоқтап өтти.
Таңлаўдың жуўмақлаўшы нәтийжелерине бола, журналистика тараўында «Қоңырат ҳақыйқаты» газетасының бас редакторы Г.Қаражанова, «Еркин Қарақалпақстан» газетасының бөлим редакторы С.Турдыбекова, «Вести Каракалпакстана» газетасының арнаўлы хабаршысы Х.Халилаева, әдебият бағдары бойынша жазыўшы А.Султанов, телерадио бағдары бойынша Қарақалпақстан телерадиокомпаниясының редакторы Х.Султамуратова, көркем өнер, фото ҳәм дизайн бағдары бойынша «Қарақалпақстан» баспасының операторы Т.Қосназаров, «Билим» баспасының хызметкерлери А.Атағуллаева, М.Жумашев ҳәм басқалар жеңимпаз болды.
– Районымыз аймағындағы Үстирт газ-химия комплекси, Орайлық Азияда бирден-бир есапланған «Қоңырат сода заводы» унитар кәрханасы тек ғана Аралбойындағы емес, ал мәмлекетимиздеги ири өндирис кәрханаларынан есапланады, – дейди таңлаў жеңимпазы, «Қоңырат ҳақыйқаты» газетасының бас редакторы Гүлистан Қаражанова. – Усы кәрханадан таярлаған бир қатар репортажларым ушын байрам алдынан жеңимпаз болдым.
Жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом және естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги