Бүгин, 17-август күни Нөкис қаласында «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы «Титан ДСЗ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң халықтың турмыслық техникаларға болған талапларын қанаатландырыў мақсетинде ярым автомат кир жуўыў машиналарын ислеп шығаратуғын кәрханасының ашылыўы болып өтти.

Кәрхананың улыўмалық баҳасы 1 миллион АҚШ доллары болып, жыллық қуўатлылығы 50 мың дана ярым автомат кир жуўыў машиналарын ислеп шығарыўға мөлшерленген. Кәрхананың иске түсиўи нәтийжесинде 30 жаңа жумыс орны жаратылды.

– Президентимиз тәрепинен берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы менен биргеликте усы кәрхананың жумысларын жолға қойдық, – дейди кәрхана директоры Сулайман Убайдуллаев. – Техникалық монтажлаў жумыслары жуўмақланды, Қытайдан алып келинген линиялар орнатылды ҳәм дәслепки басқышта ярым автомат кир жуўыў машиналарын ислеп шығарыў басланды.

Еслетип өтемиз, мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң орынларда әмелге асырылып атырған жаратыўшылық ҳәм абаданластырыў жумыслары, социаллық-экономикалық реформалардың барысы менен жақыннан танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 2017-2018-жыллар даўамында Қарақалпақстан Республикасына болған сапарлары даўамында халықты сапалы электротехникалық қураллар менен тәмийинлеў бойынша айырықша тапсырмалар берген еди.

Сондай-ақ, Президентимиздиң «Электротехника санаатын еле де раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм тармақтың инвестициялық және экспорт потенциалын арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары усы тараўды раўажландырыўда үлкен қәдем болды.

Ашылыў салтанатына Нөкис қалалық ҳәкимлиги ҳәм басқа да уйымлардан жуўапкерлер қатнасты.

Мағлыўмат ушын, кәрханада алдағы ўақытлары турмыслық шаң жутқыш үскенелерин ислеп шығарыў бойынша жойбарлар әмелге асырылыўы жобаластырылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

 

Автордың түсирген фотолары.