Алдын хабар бергенимиздей, биз Нөкис районынында әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалардың барысы менен жақыннан танысыў мақсетинде районда хызмет сапарында болдық.
Сапарымыз даўамында райондағы өндирислик орынлар менен танысыўға ҳәрекет еттик.
Дәслепки мәнзилимиз райондағы «Саманбай» АПЖ аймағындағы «KPC Nukus Herbal Technology» ЖШЖға қараслы боян тамыры экстрактын ислеп шығарыўшы кәрхана болды. Бул кәрхана Қытай Халық Республикасы инвесторларының 5 миллион АҚШ жоллары муғдарындағы инвестициялық қаржылары есабынан қурылған. Жыллық ислеп шығарыў қуўатлылығы 400 тоннаны қурайды.
Бул кәрхана усы жылдың биринши шерегинде қайта шөлкемлестирилип, жыл ақырына шекем 50 тонна боян тамыры экстрактын ислеп шығарыўды жобаластырмақта. Бир тонна боян тамыры экстрактының халықаралық базардағы баҳасы 8 мың АҚШ доллары екенлигин есапқа алсақ, бул район экономикасы ушын үлкен табыс дәреги екенлигин аңлаймыз.
Кәрханада 40 тан аслам жаңа жумыс орынлары жаратылған. Кәрхана Қытайдың «Kunming Pharmaseutical Corp» корпорациясы менен боян тамыры экстракты ушын 700 мың АҚШ долларына шәртнамаға қол қойған.
Буннан кейинги мәнзилимиз тек ғана районда емес, пүткил республикамызда ҳәзирше бирден-бир есапланған балық инкубаторы болды. «Nukus Agro Fish» ЖШЖға қараслы бул орында африка ылақасын жетилистириў жолға қойылмақта.
Жойбардың улыўмалық баҳасы 7 миллиард 200 миллион сумға баҳаланған болып, жылына 300 тонна балық өнимин тири ҳалда жеткерип береди. Инкубатор 180х12 метрлик имаратта жайласқан болып, 30 дана киши өлшемдеги балықлар ушын бассейн ҳәм 24 дана үлкен балықлар ушын бассейнлерден ибарат.
Бассейн суўын тазалаў ушын тазалаў системасы, балықлар ушын азықландырыў ҳәм температураны нормал жағдайда услап турыў ушын зәрүрли системалары менен тәмийинленген.
Соңынан райондағы «Нукус тараққиёт сари» фирмасына қараслы нан ҳәм кондитер өнимлери, сондай-ақ, мәккеден мазалы өнимлер (кукуруза) ислеп шығарыў цехы, «Ақманғыт ривож сервис» фирмасына қараслы мебель ҳәм үй үскенелерин ислеп шығарыў цехларында алып барылып атырған жумыслар менен таныстық.
Район орайы есапланған Ақманғыт қалашасына кирер жерде «Нурсултан-Алёна» ЖШЖға қараслы брусчатка ислеп шығарыў цехы 2017-жылдан берли өз жумысларын даўам етип келмекте.
Тийкарынан қарыйдарлардың буйыртпалары тийкарында жумыс ислейтуғын бул цехта бир неше түрдеги брусчатка өнимлери ислеп шығарылмақта.
Брусчатка цехына жақын жерде «Алым пласт» фирмасына қараслы цехта болса халқымыз ушын керекли болған полиэтилен өнимлерин ислеп шығарыў цехының жумыслары менен таныстық. Шийки заты да Қарақалпақстан аймағындағы Үстирт газ-химиялық комлексинен шығып турғанлығы себепли цех өнимлери базарда қарыйдарлар ушын қол жетимли, арзан баҳаларда сатылып атырғаны ҳаққында мағлыўматлар алдық.
Солай етип, биз районда жүз берип атырған үлкен өзгерислерге азғана болса да гүўа бола алдық ҳәм буларды сиз, оқыўшыларға да жеткериўди мақсет еттик. Нөкис районы әзелден мийўе ҳәм палыз өнимлери жетилистирилетуғын район сыпатында белгили болған болса, бүгинлигинде районның санаат потенциалы да күн сайын раўажланып бармақта. Олардың район ҳәм республикамыз санаат өнимлериндеги үлесиниң муғдары да арта бериўин тилеп қаламыз.
Ислам Матеков,
Азамат Әжимуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
Нөкис районынан арнаўлы таярланды.
Ислам Матековтың түсирген фотолары.