Нөкис районы өзиниң бай тарийхы, мәдений мийраслары менен бирге зыярат орынлары менен де елимизге саяхат етип келетуғын сыртқы ҳәм ишки туристлер ушын әҳмийетли, сондай-ақ, үлкен қызығыўшылық оятатуғын аймақлардың бири болып табылады.

Районда зыярат туризминиң перспективасы жоқары. Әсиресе, район орайына кире беристеги «Әзлер баба» зыярат орны елимиздеги муқаддес орынлардың биринен есапланады.

Халық арасында Әзлер баба деп аталып кеткен уллы инсанның толық аты Мәўленберди Әзиз хожа улы Аллаберди Әзиз болып, 1602-жыллары өмир сүрген. Бул орын райондағы зыяратшылар ең көп зыяратлайтуғын орынлардың биринен есапланады.

Биз де усы жерге барғанымызда абаданластырыў жумысларының алып барылып атырғанының гүўасы болдық. Тарийхый тулғалардың мәңги қоным тапқан жерлерин абаданластырыў ийгиликли ис есапланады.

Буннан кейинги мәнзилимиз – Төк қала. Халық арасында бул жер «Төк таў» деп аталып кеткен.

Себеби, бул жерде әййемги қала жайласқан болып, ол төбешик (бийиклик)те жайласқан. Бул әййемги қала бизиң эрамызға шекемги IV әсирден эрамыздың XIII әсирине шекемги дәўирге тийисли болып есапланады.

Төк қалада Ҳәзирети Пир Омар хожаның қойымшылығы ҳәм мавзолейи болып, райондағы зыяратшылар көп келетуғын жерлердиң бири. Жергиликли халық ўәкиллериниң айтыўларына қарағанда, Әзлер бабаға зыяратқа келген адамлар дәслеп Ҳәзирети Пир Омар хожаның қойымшылығын, соңынан Әзлер бабаның қойымшылығын зыярат етсе, саўап болады екен.

Райондағы және бир муқаддес орынлардың бири Қырантаў аймағындағы Ҳәзирети шайх Имәмаддин Муҳаммед ибн Қайыпназар (Имәм Ийшан) мавзолейи. Бул орын район орайынан шама менен 20 километр қубла-батыстағы, халық тилиндеги Қырантаў төбелигинде жайласқан.

 

Даўамы бар…

 

Ислам Матеков,

Азамат Әжимуратов.

 

Нөкис районынан арнаўлы таярланды.

 

(И.Матековтың түсирген фотолары)