Нөкис районы Қарақалпақстан Республикасының арқа тәрепинде жайласқан болып, 1969-жылы шөлкемлестирилген.

Район арқа-батыста Қанлыкөл, арқада Кегейли, шығыста Қараөзек, қублада Нөкис қаласы, сондай-ақ, қубла-батыста Хожели районлары менен шегараласқан.

Районның улыўма жер майданы 94 391 гектарды қурайды.

Халқының саны 2019-жыл 1-июль жағдайына муўапық 49,7 мың адам болып есапланады.

Районда 1 қалаша, 3 мәкан ҳәм 6 аўыллық пуқаралар жыйыны (Бақаншақлы, Қырантаў, Тақыркөл, Саманбай, Кердер, Арбашы) бар. Орайы – Ақманғыт қалашасы.

Районда 2 аўыл хожалық колледжи, 1 санаат транспорт колледжи, 31 улыўма билим бериў мектеби, 142 орынға арналған емлеўхана, күнине 380 адамды қабыллай алатуғын поликлиника, 2 мәлимлеме ресурс орайы, 1 балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби, 1 музыка ҳәм көркем өнер мектеби жумыс алып бармақта.

Районның экономикалық тийкарын аўыл хожалығы қурайды. Санаат ҳәм өндирис түрлери раўажландырылмақта. Булар ҳаққында кейинги материалларымызда таныстырып өтемиз.

 

Даўамы бар…

 

Ислам Матеков,

Азамат Әжимуратов.

 

Нөкис районынан арнаўлы таярланды.

 

(И.Матековтың түсирген фотолары)