Бизге белгили, республикамыздың бир қатар аймақларында ески имарат ҳәм объектлерди реконструкциялаў, аймақларды абаданластырыў, узақтағы аўыллар ҳәм районлардың көринисин өзгертиў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў процесинде айырым ўәлаятлардың басшылары ҳәм жуўапкерлери тәрепинен пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң көшпес мүлк объектлерин бузыў ҳәм жер участкаларын алып қойыў менен байланыслы мүлкке болған ҳуқықыларының нызамға қайшы түрде бузылыўы бақланды.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен қурылыс ҳәм бузыў жумысларында жол қойылған қәтелер және халық ҳәм мүлк ийелери менен келисилмеген ҳалда әмелге асырғаны ушын Қашқадәрья, Ферғана ҳәм Хорезм ўәлаятлары ҳәкимлериниң жумысы кескин сынға алынды.

Жүз берген ҳәдийселер шеңберинде объект ҳәм имаратлар ийелериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплери кепиллигиниң буннан былай да беккемлениўин тәмийинлеў, халықтың абадан турмыста жасаўы ушын зәрүрли шараятлар жаратыў, бузыў ҳәм келтирилген зыянды қаплаў механизмлерин тәртиплестириў мақсетинде усы жылдың 3-август күни Президентимиздиң «Пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мүлк ҳуқықының кепиллениўин сөзсиз тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы бийлиги қабыл етилди.

Усы ҳүжжет пенен Бас министрдиң басшылығында бир ай мүддетте жер участкаларын алып қойыў ҳәм мүлк ийелерине жеткерилген зыянларды қаплаў тәртибин белгилейтуғын ҳүкимет қарары қабыл етилгенге шекем әмел ететуғын тийисли орналастырыў жумысларын әмелге асырыў тәртиби тастыйықланды.

Бас министр орынбасарының басшылығында Республикалық муўапықластырыўшы жумысшы топар дүзилип, ол еки ҳәпте даўамында республика бойынша пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине жеткерилген зыян муғдарын хатлаўдан өткереди, базар баҳасынан келип шыққан ҳалда оның реал баҳасын белгилейди, сондай-ақ, халықтан қарыздарлықты үзиўдиң анық дәреклерин белгилеп береди.

Орынларға шыққан ҳалда жағдайды үйрениў, сондай-ақ, республикамыздың айырым аймақларында нызамға қайшы ис-ҳәрекетлер ҳәм лаўазымлы шахслардың өз басымшалықлары ақыбетиниң нәтийжелери анық усыныслар менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа киргизилди.

Соның менен бирге Президентмиздиң тапсырмасына муўапық, жол қойған қопал қәтелери ҳәм лаўазым ўәкилликлеринен пайдаланғаны ушын Ферғана ўәлаяты Риштон районы ҳәкими, экономика ҳәм қурылыс мәселелери бойынша ҳәким орынбасарлары, ҳәким ҳәм оның қурылыс бойынша орынбасары, Қашқадәрья ўәлаяты Яккабоғ районы ҳәкими, оның қурылыс бойынша орынбасары, район прокуроры ҳәм Үргенш қаласы ҳәкими орынбасары ийелеп турған лаўазымынан азат етилди.

Қапланыўы керек болған зыян муғдары, жәбир көрген халықты материаллық ҳәм руўхый жақтан толық қоллап-қуўатлаў тәмийинленетуғынлығын есапқа алған ҳалда ўәлаят ҳәкимлери ҳәм басқа да жуўапкер шахслардың ийелеп турған лаўазымынан бирден азат етилиўи олар ушын жағдайдан шығыўдың ең аңсат жолы болады. Бул бағдарда әмелге асырылыўы керек болған жумыслар ушын жуўапкершилик ҳәм машақат енди олардың жумысын даўам еттиретуғынларға түседи.

Усыны есапқа алып, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен тийисли аймақлар басшыларының орынларда олар жол қойған қәтелерди дүзетиў, пуқаралардың мүлкке болған ҳуқықларын ҳәм ҳүкиметке исенимин толық тиклеў бойынша әмелге асырыатуғын жумысларда олардың өзлериниң қатнасыўын тәмийинлеў мақсетке муўапық екенлиги ҳаққындағы усыныс қоллап-қуўатланды.

Жыл жуўмақлары бойынша барлық ўәлаятлар, соның ишинде, Қашқадәрья, Ферғана ҳәм Хорезм ўәлаятлары ҳәкимлериниң жумысы сын көзқарастан талланып, орынларда жүз берген жағдайды оңлаў бойынша әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелилигине баҳа берилди.

ӨзА