Елимиздеги туризмди раўажландырыўға байланыслы кең көлемли илажлар бағдарламасында туристлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеўге де айрықша итибар қаратылмақта.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Транспорт ҳәм туризм объектлеринде жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўдиң нәтийжели системасын енгизиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарында Бухара, Самарқанд, Хийўа ҳәм Шаҳрисабз қалаларында енгизилип атырған Қәўипсиз туризмди тәмийинлеў концепциясын Ташкент қаласы, Ташкент ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында енгизиў, сондай-ақ, Ишки ислер министрлигиниң Қәўипсиз туризмди тәмийинлеўди муўапықластырыў басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң жумысын раўажландырыў нәзерде тутылған еди.

Оған муўапық, усы жылдың июнь айынан Ташкент қалалық ИИББ жанында Қәўипсиз туризмди тәмийинлеў бөлими жумыс баслады. Бүгинги күнде усы басқарманың 10 нан аслам хызметкери қаламыздағы аэропортлар, вокзаллар ҳәм туристлик объектлерде жумыс алып бармақта.

Ташкент қалалық Туризмди раўажландырыў департаменти ҳәм Ташкент қалалық Ишки ислер бас басқармасы усы бөлимниң жумысын жолға қойыў даўамында Бухара ҳәм Самарқандтағы Қәўипсиз туризмди тәмийинлеў бөлимлериниң ўәкиллери менен ушырасып, олардың жумыс тәжирийбеси менен танысты.

Сондай-ақ, жуўапкерлер тәрепинен жумыс ушын әҳмийетли материаллық-техникалық базаны қәлиплестириў жумыслары әмелге асырылды.

Ташкент қалалық баспасөз хызметиниң хабарында жазылыўынша, ҳәзирги күнде автобуслар, автомобильлер, скутер ҳәм мотоцикллер ислеўге таяр. 2019-жыл сентябрь айына келип шөлкемлестириўшилик жумыслар жуўмақланады ҳәм Ташкентте туристлик полицияның структурасы толық қурамда қәлиплеседи.

Бул бөлим қаламызға келип атырған туристлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм туристлик объектлерде жәмийетлик тәртипти сақлаў ўазыйпасын атқарады.

ӨзА