1962-жылы Қарақалпақстан Республикасының Төрткүл районында туўылған, 1986-жылдан берли Төрткүлдеги 42-санлы улыўма билим бериў мектебинде музыка пәнинен сабақ берип киятырған Нуратдин Абдуллаев 1-август күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалык институты музыкалық тәлим бағдарының сыртқы бөлимине кириў ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханға қатнасты.

– Орта мағлыўматлыман. Нөкистеги көркем өнер ҳәм мәденият училищесин питкергенмен. Пенсия жасына шамаласып қалған болсам да жоқары мағлыўматлы болыў бир өмирлик әрманым. Әрманларым орынланбай қалмаўы, сондай-ақ, заман менен теңдей қәдем таслаў, билимлеримди жетилистириў мақсетинде оқыўға тапсырдым, – дейди 57 жаслы Нуратдин аға Абдуллаев.

Аккардион саз әсбабында өзбек, қарақалпақ, рус, ҳәттеки, ҳинд намаларын атқарған Нуратдин аға төрешилер қурамы ағзаларында үлкен қызығыўшылық оятты.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.