Айрықша потенциаллы еле толық иске қосылмаған туризм индустриясын раўажландырыў елимизди дүнья жүзилик орайлардың бирине айландырыў имканиятын береди. Туризм экономикалық ҳәм социаллық машқалалардың шешиминде әҳмийетли орын ийелейди. Атап айтқанда, тараўды раўажландырыў қосымша жумыс орынларының жаратылыўына, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге, халқымыз турмысының абаданлығына, ағартыўшылық ҳәм пуқаралық жәмийетиниң руўхый тийкарларын қәлиплестириўге хызмет етеди.
Елимизде туризмди раўажландырыў бағдарында, әсиресе, Шавкат Мирзиёев Президент етип тайынланған 2016-жылдан баслап усы күнге шекем 20 дан аслам қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилди.
2016-жылы Өзбекстанға 2 миллионнан аслам, өткен жылы 5 миллион 300 мың турист келген. Ал, Қарақалпақстанға 6 мың 271 турист келген болса, 2018-жылы 43 мың 475 турист келген. Туристлердиң басым көпшилиги Нөкис қаласына туўра келеди.
Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында 41 туристлик шөлкем, 24 туроператорлық субъекти жумыс алып бармақта. Туристлик класстағы 7 автобус, 11 жол таңламас автотранспорт туристлерге хызмет көрсетип келмекте.
2019-жылдың алты айы даўамында Қарақалпақстан Республикасындағы мийманхана ҳәм басқа да жайластырыў орынларына 9 мыңға шамалас туристлер келген. Туристлердиң көпшилиги Россия Федерациясы, Италия, Франция, Қытай, Германия, АҚШ, Уллы Британия, Япония мәмлекетлерине туўра келеди. Қарақалпақстанда 2019-жылдың өткен дәўири ишинде туристлерге хызмет көрсетиў экспорты 380 мың 70 долларды қураған.
Быйыл республикамызда туризм тараўын раўажландырыў мақсетинде нырқы 60 миллиард сумнан аслам болған 19 жойбар әмелге асырылыўы, нәтийжеде 378 жаңа жумыс орынларының ашылыўы нәзерде тутылған. Атап айтқанда, туристлик транспорт хызметлерин шөлкемлестириў, өнерментшилик орайлары, саўда шақапшалары, естелик саўғалары ҳәм сувенир өнимлериниң өндириси, саўдасы менен шуғылланатуғын объектлерди қурыў режелестирилген.
Усы жойбарларды әмелге асырыў нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасы бойынша мийманханалардағы орынлардың саны 2 мың 65 ке жеткериледи, яғный, орынлар 72 процентке артыўына ерисиледи. Соның нәтийжесинде туристлердиң республикамыз аймағында қалыў мүддети 1,7 күннен 2,8 күнге, туристлер тәрепинен сарыпланатуғын қаржының муғдары 250 доллардан 400 долларға шекем артыўы күтилмекте.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.