USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 2 Май

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

Самарқанд халықаралық аэропорты ўәлаяттың туристлик потенциалына мүнәсип болады

Президентимиз Шавкат Мирзиёев Самарқанд халықаралық аэропортында усы комплексти раўажландырыўға байланыслы жойбар менен танысты.

1927-жылы жумыс баслаған бул аэропортта 2009-жылға шекем бир неше мәрте қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылған. Бүгинги күнде бул жерде ҳәптесине 37 мәрте тиккелей сырт ел ҳәм жергиликли рейслер әмелге асырылмақта. Аэропортта усы жылдың 6 айында 220 мың жолаўшыға хызмет көрсетилген. Бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 40 процентке көп.

Кейинги жылларда мәмлекетимизде туризмди раўажландырыў бағдарында алып барылып атырған реформалар себепли Самарқандқа келетуғын туристлердиң ағымы да сезилерли дәрежеде өсти. Мағлыўматларға бола, усы жылдың январь-июнь айларында ўәлаятқа 1 миллион 433 мың турист келген. Олардың 227 мыңын сырт елли туристлер қурайды. Бул санлар еки алдыңғы көрсеткишлер менен салыстырғанда, туристлер ағымының төрт есеге артқанлығын көриўге болады. Келешекте ўәлаятқа келиўши туристлердиң ағымын және де көбейтиў, оның ушын зәрүрли инфраструктура жаратыў бойынша көрилип атырған илажлар Самарқандтың ҳаўа дәрўазасының да имканиятларын кеңейтиўди талап етеди.

Усыныс етилген жойбарға бола, бул аэропортта саатына 600 жолаўшыға хызмет көрсететуғын жаңа терминал қурыў, ушыў-қоныў жолын реконструкциялаў, самолётлардың туратуғын орнын кеңейтиў, радиолокация системасын жетилистириў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы аэропорттың жумысында заманагөй басқарыўды енгизиў, реконструкция даўамында болса Самарқандқа поезд ҳәм автобуслардың қатнаўын көбейтиў, халық ҳәм туристлерге белгили қолайлықларды жаратыў бойынша көрсетпелер берди.

Умар Асроров, Ғолиб Ҳасанов, ӨзА