Биринши күн
24-июль күни ерте таңнан Ташкент халықаралық аэропортынан Саудия Арабстанына ушқан өзбекстанлы зыяратшылар жергиликли ўақыт пенен саат 11.45 те Мадина қаласына жетип келди.
Мадиналылар өз дәстүрлерине бола, болажақ ҳажыларды түрли мазалы затлар, себетлерде толы қурмалар менен күтип алды, үстилерине әтир сеўип, ҳәр түрли гүллерди шашып күтип алды.
Арнаўлы топар ҳәр бир жерлесимизге мобиль байланыс ушын сим-карта берди. Бул ҳаж мәўсиминде хызмет көрсетиў бағдарламасының бир бөлими болып, Саудия Арабстаны тәрепинен жәми бир миллион интернеттен пайдаланыў имканиятын беретуғын сим-карта бийпул тарқатылыўы нәзерде тутылған.
-Аэропорттағы ўақтымызда-ақ, перзентлеримиз бенен телефон арқалы сөйлестик. Пәрўаздың кеўилдегидей өткени, бизди үлкен ҳүрмет-иззет пенен күтип алғаны ҳаққында толқынланып айтып бердим,-дейди ташкентли ата Суюндик Мустафоев.
Зыяратшылардың жүклерин қабыллап алыў, тасыў, мийманханаларға жеткериў сыяқлы бир қарағанда әпиўайыдай көрилетуғын, бирақ ўақытты урлайтуғын жумыслар хызмет көрсетиўши ширкет тәрепинен орынланбақта. Жерлеслеримиз ҳеш нәрседен тәшўишленбей, заманагөй автобусларда мийманхана тәрепке жол алды.
-Быйыл Мадина қаласында бес жулдызлы «Пуллман замзам» мийманханасының хызметинен пайдаланамыз, – дейди Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң баслығы, муфтий Усмонхон Алимов. – Президентимиздиң басламасы менен ҳажыларға жоқары дәрежедеги шараятлар жаратып бериў мақсетинде әмелге асырылып атырған ислердиң бири усы. Айрықша итибар себепли мәмлекетимиздиң ҳажылары тәртип, әдеп-икрамлылық жақтан, тәртип-қағыйдаларды орынлаў бойынша көпшиликке өрнек болып, Өзбекстанды дүньядағы жоқары орынды ийелеп киятырған мәмлекетлер қатарына шығармақта. Кейинги ўақытта Саудия Арабстанының Ҳаж министрлиги, денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жақсы усынысына ерисип киятырғаны буны дәлиллейди. Быйыл да Ҳажды толық орынлап, бириншилер қатарында тилге алынамыз, деген үмиттемиз.
Көп узамай Ташкент – Мадина жөнелисинде әмелге асырылған еки, Ферғана –Мадина жөнелиси бойынша бир пәрўаз арқалы сулыў қалаға келген 700 ден аслам жерлесимиз «Пуллман замзам» мийманханасына жайласты.
Бул жер бийкарға таңланғаны жоқ. Ол тек ғана заманагөй хызметлери менен емес, ал қолайлы жайласыўына бола, қаладағы ең абырайлы орын есапланады. Мийманхана менен муқаддес «Масжид тун-Набавий» арасындағы аралық тек ғана 50 метр болып, айнадан Пайғамбарымыздың (с.а.ў) жәннет мәканы алақандағыдай көзге тасланып турады.
-Ыссы келген быйылғы мәўсимде шөлкемлестириўшилик жумыслардың жоқары дәрежеде екенлиги кеўлимизди көтерип атыр. Ҳаж әмеллерин ҳәр тәреплеме орынлаўға руўхландырып атыр,-дейди ташкентли зыяратшы Вазира Иноғомова.
Зыяратшылар ибадаттың биринши күнинде бес ўақыт намазды «Масжид ун-Набавий»де оқып, Пайғамбарымыз (с.а.ў), саҳабалар ҳәзирети Абу Бакр Сиддиқ ҳәм ҳәзирети Умар розияллоҳу анҳудиң қәбирлерин зыяратлады.
Өзбекстанлы зыяратшылардың Мадина қаласына келиўи даўам етпекте.
Екинши күн
Мадина –дүнья мусылманлары умтылып келетуғын ең қутлы ҳәм теберик үлке. Әсиресе, 2019-жылғы Ҳаж мәўсиминде зыяратшылардың саны кескин көбеймекте. Атап айтқанда, Өзбекстаннан күнине орташа 700 зыяратшы келмекте.
Ҳәр бир топарға бириктирилген елиўбасылар зыяратшылардың ең жақын жәрдемшисине айланған.
Саламатлық мәселелери Жумысшы топар қурамындағы шыпакерлердиң турақлы қадағалаўында. Барлық жерлеслеримиз терең медициналық тексериўден өткерилген, кеселликлерге қарсы емленген.
Усы күнлерде «Масжид ун-Набавий» күни-түни намаз оқыўшылар менен толы.
-Бул тегиннен емес,-дейди елиўбасы Меьрожиддин Ҳайдаров.-Расулуллоҳтың (с.а.ў) мүбәрек мешитин зыяратлаўдың парызы ҳаққында көплеген ҳәдислер келтирилген. Олардың биринде, соның ишинде, былай делинеди: «Мениң мешитимдеги бир намаз буннан басқасындағы мың намаздан жақсыдур, тек Мешит ул-Ҳаром»ғана буған кирмейди».
Сол себепли ўатанласларымыз ҳәр бир ўақытты ғәниймет билип, ўақытларын «Масжид ун-Набавий»да өткериўге умтылмақта.
Ҳақыйқатында да 700 мың адамға мөлшерленген бул мешитке адамлар сыймай атыр. Жоқарғы бөлмелери де зыяратшылар менен толған.
Өзбекстанлы зыяратшылар Пайғамбарымыздың (с.а.ў) ең сүйикли орынларынан бири болған Уҳуд таўында да болды.
Саҳиҳ ҳәдислеринде келтирилиўинше, Расулуллоҳ «биз Уҳудты жақсы көремиз, Уҳуд бизлерди жақсы көреди», деп ҳүрметлеген екен. Таў 7 километрге созылған болып, быйык шыңы теңиз сферасынан 2 мың метрге шекем жетеди. Ол мушриклер менен болған Бадр саўашы арқалы тарийхта қалған.
Зыяратшылар таў етегине жерленген Пайғамбарымыздың дайысы, ҳәзирети Ҳамза ибн Абдулмутталибтиң қәбирин зыяратлады. Бадр саўашында қайтыс болғанлардың руўхына Қуран оқылды.
Зыяратшылар ислам тарийхында қурылған биринши мешит- Қубаға жол алды. Бул жерде еки ракат нәпил намазы оқылды. Диний уламалардың атап өтиўинше, кимде ким Қубаға келип, нәпил намазын оқыса, Умраның саўабына тең саўап алады екен.
Ҳаж зыяратының Мадинадан баланыўында да ҳикмет бар. Бул мүбәрек мәнзил бир неше теберик зыярат орынларын өз қушағына алған, көплеген аятлар әне усы жерде пайда болған. Сол себепли ол тек ғана ислам дүньясының орайы емес, ал Пайғамбардың нуры менен пайда болған қала, ўәҳий мәнзили сыпатында айрықша қәдирленеди.
Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитетиниң
баспасөз хызмети менен биргеликте таярланды
ӨзА