Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң биринши сессиясы болып өтти.
Сессияға депутатлар, район ҳәкиминиң орынбасарлары, бөлим баслықлары, ҳуқық қорғаў уйымларының, жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары, район белсендилери, пуқаралар жыйынларының баслықлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Сессияның күн тәртибинде Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесине сайланған депутатлардың партия топарларын дизимге алыў мәселеси көрип шығылып, бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
Буннан соң Халық депутатлары районлық Кеңесиниң Регламенти ҳәм турақлы комиссиялар ҳаққындағы Реже тастыйықланды.
Сессияда Қоңырат районы ҳәкимин тайынлаў ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының бийлиги оқып еситтирилди.
Өзбекстан Республикасының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Нызамына муўапық, район ҳәкимлигине талабан халық депутатлары Кеңесине аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыўға мөлшерленген бағдарламасын усынды.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша нураный Жарылқап Турсынбеков, Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесине 25-санлы “Қарақалпақстан” сайлаў округинен депутат Кутлы Кошымбетова, Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесине 24-“Жаслық” округинен депутат Алима Маткаримовалар шығып сөйледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Бекзад Мадаминовты Қоңырат районы ҳәкими лаўазымына тайынлаў ҳаққындағы бийлиги депутатлар тәрепинен тастыйықланып, Б.Мадаминов жаңа мүддетке Қоңырат районы ҳәкими лаўазымына тайынланды.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзаларын сайлаўды усы жылдың 11-ноябрь күни өткериў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының қарары қабыл етилген.
Сессияда Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексине тийкарланып, Жоқарғы Кеңес, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслери депутатлары Қоспа мәжилиси Мәсләҳәт Кеңеси ағзалығына 3-“Гулабат” сайлаў округинен районлық Кеңеске депутат Пахратдин Айтжановтың усынылған кандидатурасы депутатлар тәрепинен мақулланды.
Сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги