Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң жетинши шақырық биринши сессиясы болып өтти. Сессияға жаңадан сайланған депутатлар, райондағы сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары, мәкеме, шөлкем ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Қараөзек районлық сайлаў комиссиясы баслығы М. Атажанов басқарып барды.
Сессияниң күн тәртибинде төрт мәселе, яғный, Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесине сайланған депутатлардың партия топарларын дизимге алыў, Халық депутатлары Қараөзек районы Кеңесиниң Регламенти ҳәм турақлы комиссиялар ҳаққындағы Нызамын тастыйықлаў ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Қараөзек районы ҳәкимин тайынлаў ҳаққындағы қарарын тастыйықлаў ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси район ҳәм қалалық Кеңеслери қоспа мәжилисиниң мәсләҳәт Кеңесине Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесинен талабан усыныс етиў ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.
Сессияда Анвар Махсетович Баймуратовтың Қараөзек районын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша бес жыллық бағдарламасы көрип шығылып, депутатлар тәрепинен мақулланды ҳәм Анвар Махсетович Баймуратов Қараөзек районы ҳәкими етип тайынланды.
Сессия соңында күн тәртибиндеги мәселелер толық қарап шығылып, депутатлар бул бойынша тийисли шешим қабыл етти.
Соның менен Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң жетинши шақырық биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги