Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде “Академик ҳәм жаслар: илимниң раўажланыўын жаслар жаратады!” атамасында академиклер ҳәм жаслар конгреси болып өтти.
Конгресс академик Беҳзод Юлдашевтиң естелигине бағышланып, онда Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының академиклери, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятындағы жоқары оқыў орынлары басшылары, докторантлары, излениўшилери, жас илимпазлар, қәбилетли студентлер ҳәм магистрантлар қатнасты.
Конгрессте ӨзР ИА вице-президенти профессор С.Мирзаев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы А.Атажанов, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң орынбасары О.Махкамов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Б.Қайыпбергеновлар мийманда болды.
Дәслеп мийманлар жас илимпазлар тәрепинен таярланған инновациялық көргизбелер менен танысты.
Конгрессти университ ректоры, Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, академик А.Реймов ашып берип, Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен илимге қаратылып атырған итибар, илим тараўын раўажландырыў, изертлеўлердиң нәтийжелилигин арттырыў ҳәм жас илимпазларды қоллап-қуўатлаў бағдарында үлкен жумыслар алып барылып атырғанлығын айрықша атап өтти.
Конгресс даўамында академиклер өзлериниң өмир жоллары, илим тараўындағы жетискенликлери ҳәм алып барып атырған илимий жумыслары ҳаққында жасларға кең түрде мағлыўмат берди. Соның менен бирге, академиклер өз илимий жумысларының әҳмийетли басқышлары, ушырасып атырған қыйыншылықлары ҳәм оларды жеңип өтиўде қолға киргизген тәжирийбелерин жаслар менен бөлисти. Сондай-ақ, конгрессте илим тараўындағы әҳмийетли машқалалар, илимий изертлеўлерде жаңа технологиялардың әҳмийети, дүнья көлеминдеги илимий жетискенликлер ҳаққында да сөз етилди.
Илаж шеңберинде университеттиң талантлы студент-жаслары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды.
Сондай-ақ конгресс даўамында “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде илаж өткерилип, бул жерде Академиклер бағы жаратылып, жақсы нийетлер менен терек нәллери отырғызылды.
Илаждың тийкарғы мақсети – жасларды илим ҳәм инновацияға тартыў, олардың илимге қызығыўшылығын арттырыў ҳәм мәмлекеттиң келешеги ушын зәрүр болған жетик илимпазларды жетилистириўден ибарат. Бул илаж жаслар ушын илим дүньясына жол көрсетиў, оларды илимий излениўлерге бағдарлаў ҳәм өзлери таңлаған жолда исенимли қәдем таслаўларына жәрдем бериўге қаратылған болып табылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги