Сессияға районлық Кеӊеси депутатлары, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, райондағы мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшылары, район ҳәкимлиги жуўаплы хызметкерлери, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессия күн тәртибинде Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине сайланған депутатлардың партия топарларын дизимге алыў ҳаққындағы мәселе қарап шығылды.

Өзбекстан Республикасының “Сиясий партиялар ҳаққында”ғы Нызамына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине сиясий партиялардың районлық Кеңеслери тәрепинен Кеңес қурамында өз топарларын дизимге алыў белгиленген.

Усыған байланыслы Исбилерменлер Ҳәрекети – Өзбекстан либерал демократиялық партиясынан 5 депутат, Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясынан 3 депутат, Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясынан 6 депутат, Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан 3 депутат ҳамде Өзбекстан Экологиялық партиясынан 3 депутаттан қуралған партия топарлары дизимге алынды.

Сондай-ақ, Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Регламентин ҳәм турақлы комиссиялар ҳаққындағы Режени тастыйықлаў ҳаққындағы мәселени қарап шығылып, депутатлардың мақуллаўы менен тастыйықланды.

Күн тәртибиндеги сонғы мәселе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Кегейли районы ҳәкимин тайынлаў ҳаққындағы бийлигин тастыйықлаў ҳаққында болды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Айбек Камаловты Кегейли районы ҳәкими лаўазымына тайынлаў ҳаққындағы бийлиги оқып еситтирилди.

Буннан соң Айбек Камалов Кегейли районын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша өзиниң бес жыллық бағдарламасын оқып еситтирди.

Бул мәселе бойынша бир қатар депутатлар сөзге шығып, А.Камаловтың кандидатурасын мақуллады ҳәм депутатлар бул бойынша тийисли шешим қабыл етти.

Соның менен бирге, сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Халық депутатлары район, қалалық Кеңеслери қоспа мәжилиси Мәсләҳәт Кеңесине Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесинен талабан етип 9-“Нөкис” сайлаў округинен депутат А.Алланиязова усынылды.

Күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги