Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары  Нөкис қалалық Кеңесиниң биринши сессиясы болып өтти.

Нөкис қалалық  ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң биринши сессиясы болып өтти.

Сессияға депутатлар, сектор басшылары, нураныйлар, мәкеме ҳәм шөлкем баслықлары қатнасты.

Сессияниң  күн тәртибинде төрт мәселе Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесине сайланған депутатлардың партия топарларын дизимге алыў, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң Регламенти ҳәм турақлы комиссиялар ҳаққындағы Нызамын тастыйықлаў ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Нөкис қаласы  ҳәкими лаўазымына Абат Данияровты Нөкис қалалық  ҳәкими лаўазымына тайынлаў ҳаққындағы қарарын тастыйықлаў ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси районлық ҳәм қалалық Кеңеслери қоспа мәжилисиниң мәсләҳәт Кеңесине Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесинен талабан усыныс етиў ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.

Сессияда Абат Данияровтың Нөкис қаласын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша алдағы бес жыллық ушын режелестирген жумыслары ҳаққындағы бағдарламасы көрип шығылып, депутатлар тәрепинен мақулланды ҳәм Абат Данияров Нөкис қаласы  ҳәкими етип тастыйықланды.

Сессия соңында күн тәртибиндеги мәселелер толық қарап шығылып депутатлар бул бойынша тийисли шешим қабыл етти.

Соның менен Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги