Сессияға депутатлар, район ҳәкиминиң орынбасарлары, бөлим баслықлары, ҳуқық қорғаў уйымларының, жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары, район белсендилери, пуқаралар жыйынларының баслықлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Сессияның күн тәртибинде Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесине сайланған депутатлардың партия топарларын дизимге алыў мәселеси көрип шығылып, бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
Буннан соң Халық депутатлары районлық Кеңесиниң Регламенти ҳәм турақлы комиссиялар ҳаққындағы Реже тастыйықланды.
Сессияда Мойнақ районы ҳәкимин тайынлаў ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының бийлиги оқып еситтирилди.
Өзбекстан Республикасының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Нызамына муўапық, район ҳәкимлигине талабан халық депутатлары Кеңесине аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыўға мөлшерленген бағдарламасын усынды.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша нураный, Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесине “Насыров” сайлаў округинен депутат Әбдижаппар Тлеўов, Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесине “Емлеўхана” округинен депутат Жамила Давлетовалар шығып сөйледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Бахтияр Менглибековты Мойнақ районы ҳәкими лаўазымына тайынлаў ҳаққындағы бийлиги депутатлар тәрепинен тастыйықланып, Бахтияр Менглибеков жаңа мүддетке Мойнақ районы ҳәкими лаўазымына тайынланды.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзаларын сайлаў усы жылдың 11-ноябрь күни өткериў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының қарары қабыл етилген.
Сессияда Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексине тийкарланып, Жоқарғы Кеңес, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслери депутатлары Қоспа мәжилиси Мәсләҳәт Кеңеси ағзалығына “Комбинат” сайлаў округинен районлық Кеңеске депутат Айдос Сейтназаровтың кандидатурасы депутатлар тәрепинен мақулланды.
Сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги