Республикамыз бойлап аўыл хожалығы ҳәм “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңбериндеги жумысларды буннан былай да жеделлестириў мәселелери бойынша орынларда ушырасыўлар шөлкемлестирилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ш.Тешаевтиң қатнасыўында аўыл хожалығын буннан былай да раўажландырыў, «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарына арналған жумыслардың барысы бойынша ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға районлардың жуўапкер басшылары ҳәм тараўға байланыслы қәнигелер менен фермерлер қатнасты.

Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў жолындағы қарар ҳәм пәрманлары тийкарында аграр тараўға бир қанша жаңа техника ҳәм технологиялардың берилиўи нәтийжесинде тараў жаңа раўажланыў басқышына көтерилип атырғанлығы, аўыл хожалығы тараўларында алып барылып атырған ийгиликли жумыслар айрықша атап өтилди.

Ушырасыўда 2025-жылдың өними ушын аўыл хожалығы өнимлери егилетуғын егислик майданларды шүдигарлаў, лазерли тегислеў, шор жуўыў, ғәлле тәрбиясы бойынша жумысларды буннан былай да жеделлестириў бойынша ўазыйпалар белгиленди. Сондай-ақ, елимизде әмелге асырылып атырған “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңбериндеги ана тәбиятты байытыў жумысларын кең көлемли басқышқа алып шығыў, қала ҳәм районлардың әтирапында жасыл қапламалы белбеўлерди пайда етиў, халқымыздың жер менен ислесиў мәдениятын арттырыў ҳәм ҳәр бир шаңарақта үй алдындағы қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланыўына жәрдем бериў мәселелери бойынша жуўапкер қәнигелерге тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги