Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң жетинши шақырық биринши сессиясы болып өтти. Сессияға жаңадан сайланған депутатлар, райондағы сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары, мәкеме, шөлкем ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияниң күн тәртибинде төрт мәселе, яғный, Халық депутатлары Шымбай районы Кеңесине сайланған депутатлардың партия топарларын дизимге алыў, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң Регламенти ҳәм турақлы комиссиялар ҳаққындағы Нызамын тастыйықлаў ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Шымбай районы ҳәкимин тайынлаў ҳаққындағы қарарын тастыйықлаў ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси районлық ҳәм қалалық Кеңеслери қоспа мәжилисиниң мәсләҳәт Кеңесине Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесинен талабан усыныс етиў ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.
Сессияда Айбек Тажетдиновтың Шымбай районын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша 2025-2029-жыллар даўамында әмелге асырылыўы режелестирилген жумыслар ҳаққындағы бағдарламасы көрип шығылып, депутатлар тәрепинен мақулланды ҳәм Айбек Тажетдинов Шымбай районы ҳәкими етип тайынланды.
Сессия соңында күн тәртибиндеги мәселелер толық қарап шығылып депутатлар бул бойынша тийисли шешим қабыл етти.
Соның менен Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң жетинши шақырық биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги