Билимлендириўди раўажландырыў республикалық илимий-методикалық орайы тәрепинен 2024-жыл 7-8-ноябрь күнлери орынларда “Методикалық марафон” илажларын өткериў режелестирилген.
Қарақалпақстан Республикасы педагогикалық шеберлик орайында республикамыздағы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигине қараслы улыўма орта билим бериў мәкемелериниң жумысларын ҳәр тәреплеме жетилистириў, педагог кадрлардың билимин арттырыў бойынша «Педагоглардың кәсиплик раўажланыўына жәрдем бериў ҳәм методикалық қоллап-қуўатлаў» атамасында методикалық марафон басланды.
Бул марафонда улыўма орта билим бериў мәкемелериниң педагоглары тиккелей ҳәм ZOOM платформасында онлайн түрде қатнаспақта.
Мақсет – улыўма орта билим бериў мектеплери муғаллимлериниң оқыў-тәрбия процесинде заманагөй талаплар тийкарында инновациялық педагогикалық кәсиплик раўажланыўына жәрдемлесиў, методикалық бослық ҳәм мүтәжликлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм халықаралық баҳалаў бағдарламалары изертлеўлериниң кейинги басқышына нәтийжели таярлық көриў болып есапланады.
Марафонды Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Г.Кожабаева, Өзбекстан Республикасы Билимлендириўди раўажландырыў республикалық илимий-методикалық орайының бөлим баслығы С.Расулов, Қарақалпақстан Республикасы педагогикалық шеберлик орайының директоры В.Бекмуратовалар ашып берип, педагогикалық функционаллық үзликсиз кәсиплик шеберликтиң жоқарылаўын тәмийинлеўши фактор екенлигин атап өтип, заманагөй педагогикалық дәстүрий қураллар ҳәм интерактив билимлендириў ресурсларын жаратыў методлары туўралы мағлыўматлар берилди.
Марафон секцияларға бөлинип даўам етти.
– Марафонда халықаралық баҳалаў бағдарламасы (PISA-2022) изертлеўлеринде оқыў, математика ҳәм тәбийғый пәнлер бойынша саўатлылығына қарап оқыўшылардың баҳалаў нәтийжелеринен келип шығып, сабақты өзлестириўдеги бослықлар менен ислесиў, муғаллимлерге оқыўшылардың логикалық пикирлеў ҳәм нәтийжели пикирлесиў, реал турмыслық машқалаларга шешим таба алыўына багдарланган методларды үйретиў, педагог кадрлардың алдынғы тәжирийбелерин анықлаў мәселелери додаланып, қатнасыўшылардың өз-ара тәжирийбе алмасыўы болып өтпекте,-дейди Нөкис қаласындағы 20-санлы мектеп муғаллими Г.Сагиева. – Мен де бул жерде 25 жыллық педагоглық тәжирийбемнен келип шығып, өз билгенлерим менен ортақласыў ҳәм басқа педагоглардың тәжирийбелерин үйрениўге ҳәрекет етип атырман.
Секцияларда тәжирийбели муғаллимлер эссе түрлери, эссе жазыў стратегиялары, әдебият сабақларын 4К модели тийкарында шөлкемлестириў, педагогикалық дәстүрий қураллар ҳәм санлы билимлендириў платформаларының тәбийғый пәнлерди оқытыўдағы әҳмийети, оқыўшылардың тәбийғый-илимий саўатлылығын арттырыў усыллары ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер додаланып, пикир-усыныслар билдирилди.
Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги