Алдын хабар бергенимиздей, быйылғы жылы Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынларына тест сынақлары 29-июль күни басланыўы күтилмекте.

Хош, быйылғы жылдағы тест сынақлары қайсы орынларда өткериледи?

Мәмлекетлик тест орайы Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы Музаффар Абдуллаевтың бизге хабар бериўинше, Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынларына тест сынақлары Нөкис қаласындағы еки орында өткериледи:

1) Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектеби (Айдын жол спорт комплекси) – мәнзили: Нөкис қаласы, М.Жуманазаров көшеси, 172-жай.

2) Нөкис қәнигелестирилген олимпия резервлери мектеп-интернаты (бурынғы Олимпия резервлери колледжи) – мәнзили: Нөкис қаласы, Шымбай гүзары көшеси.

 

Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебинде улыўма үлкен 4 аудитория, Нөкис қәнигелестирилген олимпия резервлери мектеп-интернатында үлкен 2 аудиторияда тест өткериледи.

Ата-аналар тест процесин монитор арқалы бақлап барыўы ушын күтиў орынлары да шөлкемлестирилмекте.

Яғный, Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебинде болып өтетуғын тест сынақларын сол жерге жақын жердеги 5-санлы улыўма билим бериў мектебинде, ал Нөкис қәнигелестирилген олимпия резервлери мектеп-интернатында болып өтетуғын тест сынақларын ТашПМИ Нөкис филиалының академиялық лицейинде жайласқан үлкен мониторлар арқалы бақлап барыў имканияты жаратылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.