Орайлық банк Басқарыўының 2019-жыл 20-июльдағы қарары тийкарында қайта қаржыландырыў ставкасы жыллық 16 процент дәрежесинде өзгериссиз қалдырылды.

Орайлық банктиң қайта қаржыландырыў ставкасы менен тиккелей байланыслы болған кредитлер, соның ишинде, «Тәлим кредитлери»ниң проценти де өзгериссиз қалдырылады.

Орайлық банк Басқарыўының бул қарары экономикада инфляциялық қәўиплердиң сақланып турғанлығы және кредитлер ушын ресурслар дәреклерин қәлиплестириўде мәмлекетлик қаржылардан дәстүрий базар инструментлерине өтиў зәрүрлиги жүзеге келген шараятта банклердеги узақ мүддетли қорлар және олар үлесиниң артыў жеделлигин беккемлеў ўазыйпаларынан келип шығып қабыл етилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.