Мәмлекетимизде кейинги жылларда халықты, биринши гезекте, аўыллардың турғынларын сапалы ишимлик суўы менен тәмийинлеў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылды ҳәм бул процесс избе-из даўам етпекте. Бирақ халықтың материаллық ҳәм руўхый ресурсларға болған талабы муғдарының артып баратырған бүгинги заманагөй дүньяда ишимлик суўына болған талап та сол дәрежеде артып, ана тәбият бизге суўдан ишимлик суўынан ақылға уғрас пайдаланыў, оны ысырап етпеў мәселеси қаншелли әҳмийетли екенлигин уқтырмақта.
Қарақалпақстан Республикасы халқы ушын машқалалы мәселелерден бириниң шешими сыпатында ишимлик суўына болған талапты қанаатландырыў бойынша қандай жумыслар әмелге асырылмақта? Бизиң бул сораўымызға Қарақалпақстан Республикасы Турақ жай коммунал хызмет көрсетиў министри Розымбай Сеитов төмендегише жуўап берди.
-Таза ишимлик суўы тәмийнаты мәселеси тек ғана 1,9 миллионға шамалас адам жасайтуғын Қарақалпақстан Республикасы ушын емес ал, пүткил жер жүзи адамлары ушын өз шешимин күтип атырған әҳмийетли мәселелерден есапланады.
Соңғы жылларда мәмлекетимиз тәрепинен, халықты, соның ишинде, экологиялық жақтан аўыр шараятта жасап атырған Қарақалпақстан Республикасының халқы ушын оғада әҳмийетли болған ишимлик суўы менен тәмийинлеў мәселесине үлкен итибар қаратылып келинбекте.
Атап айтқанда, соңғы 2 жыл даўамында суў тәмийнаты тармақларын қурыў ҳәм оңлаў бойынша бир қатар қарарлар қабыл етилди. Қала ҳәм аўыл турғынларының ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў бойынша Мәмлекетлик бюджет ҳәм басқа да дәреклер есабынан инвестициялар көлеми сезилерли дәрежеде артты.
Мысал ушын, бир ғана 2018-жылдың өзинде Қарақалпақстан Республикасында ишилик суўы тәмийнатын раўажландырыўға Мәмлекет бюджети ҳәм басқа да дәреклер есабынан 85,4 млрд.сум қаржы ажыратылып, жәми 419 км. суў тармақларын қурыў ҳәм оңлаў жумыслары әмелге асырылды. Нәтийжеде 45 мыңнан аслам халық таза ишимлик суўы менен тәмийинленип, 55 мыңнан аслам халықтың суў тәмийнаты жақсыланды.
Сондай-ақ, 2019-жыл ушын мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан 635 км. аралықтағы ишимлик суўы ҳәм ақаба суў тармақларын қурыў ҳәм оңлаў жумыслары ушын 120,4 млрд.сум ажыратылды ҳәм ҳәзирги ўақытта бул жумыслар қызғын даўам етпекте.
Әҳмийетли тәрепи, белгиленген жумыслар жуўмақланыўы менен, Республикада және 50 мыңнан аслам пуқара таза ишилик суўы менен тәмийинлениўи, 31 мыңнан аслам пуқараның ишимлик суўы тәмийнаты жақсыланыўы нәзерде тутылған.
Соннан бүгинги күнге шекем 104 млрд.сумлық қурыў ҳәм оңлаў жумыслары әмелге асырылып, 319 км.ден аслам ишимлик ҳәм ақаба суў тармақлары қурылды.
Буннан тысқары, усы жылы «Түйемойын-Нөкис» регионлараралық суў қубырынан пайдаланыў басқармасы мәмлекетлик унитар кәрханасының өз қаржылары есабынан 6,9 км ишимлик суўы тармақларын оңлаў ушын 1,7 млрд.сум қаржы ажыратыў режелестирилген, ҳәзирги күнде оңлаў жумысларын әмелге асырыў ушын ҳәр түрли диаметрдеги полиэтилен қубырлар, сондай-ақ, «Түйемойын» ҳәм «Қызкеткен» суў объектлери ушын 72 насос агрегатлары сатып алынды.
Соның менен бирге, Республикамыздың ең шетки аўыллық жерлеринде ишимлик суўының тәмийнаты аўыр болған аймақлардың турғынлары ушын оғада әҳмийетли болған Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 9-апрельде «Азия раўажланыў банки қатнасыўында «Өзбекстанның батыс бөлегинде ишимлик суўы тәмийнаты системаларын раўажландырыў» жойбарларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ы ПҚ-4271-санлы қарары қабыл етилгенин айрықша атап өтиў керек.
Усы қарарға муўапық 172,3 млн.АҚШ доллары муғдарындағы қаржы есабынан 2019-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Әмиўдәрья, Беруний, Қараөзек, Қоңырат, Нөкис ҳәм Мойнақ районларында ишимлик суўы тәмийнатын раўажландырыў және «Түйемойын» суў тазалаў объектиниң 2-көтерме насос станциясын реконструкциядан шығарыў жумысларын әмелге асырыў белгиленген.
Бул жумысларды әмелге асырыў нәтийжесинде жоқарыда атап өтилген 6 район халқының ишимлик суўы тәмийнаты бир қанша жақсыланыўы, сондай-ақ, республикамыздың ишимлик суўы тәмийнаты системасының қуўатлықлары бир қанша артыўы күтилмекте.
Жоқарыда атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасында ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў бойынша избе-из алып барылып атырған кең көлемли илажлар, әлбетте, жақын келешекте өзиниң унамлы нәтийжесин береди.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети