Президентимиздиң 2019-жыл 5-январьдағы «Өзбекстан Республикасында туризм тармағын жедел раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы тийкарында тастыйықланған «2019-2025-жылларда Өзбекстан Республикасында туризм тараўын раўажландырыў Концепциясы»н әмелге асырыў бойынша 2019-жылдағы илажлар жобасына муўапық, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Өзбекстан аймақларының туристлик брендлерин ислеп шығыў бойынша таңлаў жәриялаған еди. Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети таңлаўдың жуўмақлаўшы басқышы рәсмий түрде жуўмақланғанын мәлим етти.
Өткерилген ашық улыўмахалықлық онлайн даўыс бериў нәтийжелерине муўапық, 9 ўәлаяттың туристлик логотиплери сайлап алынды.
5 аймақ бойынша (Қарақалпақстан Республикасы, Әндижан, Жиззақ, Наўайы, Ферғана ўәлаятлары) жеңимпазлар анықланбады. Себеби, даўыс бериўшилердиң 20 проценттен асламы «ҳәммесине қарсы» даўыс берген.
Енди Қарақалпақстан Республикасы, Әндижан, Жиззақ, Наўайы, Ферғана ўәлаятлары ушын туристлик логотиплерди сайлап алыў бойынша таңлаў қайтадан өткериледи. Бул ҳаққында комитет сайты арқалы рәсмий мағлыўмат бериледи.
Қайтадан өткерилетуғын таңлаў төмендеги критериялар бойынша баҳаланады:
Креатив атқарыў: есте қаларлы, тәкирарланбас болыўы, өзине тән ҳәм жарқын, әпиўайылық;
Креатив потенциал: брендтиң мақсетли аудиториялық баҳасы, әпиўайылық, перспективалар ҳәм раўажланыў;
Интеграцияласыў: универсаллық, муўапықлылық, өмиршеңлик;
Миллий элементлер: мазмун жағынан өнимлилик, үйлесимлилик ҳәм сәйкес келиўшилик.
Төменде сиз таңлаўға келип түскен Қарақалпақстанның туристлик логотипи ушын талабан логотиплерди тамашалаўыңыз мүмкин.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.