Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 16 январьдағы «Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын компексли социал-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша кең көлемли ислер әмелге асырылмақта. Қарар тийкарында 2019-2021-жылларда районды компексли раўажландырыў бағдарламасы қабыл етилип, оның шеңберинде санаат тараўында 33, хызмет көрсетиў тараўында 34, аўыл хожалығы тараўында 8 жойбарды әмелге асырыў нәзерде тутылған. Соннан бүгинги күнде 20 қала қурылысы, 20 социаллық, 6 мәденият, 3 спорт, 7 инфраструктура, 2 туризм, 7 ирригация тармағы, 7 ишимлик суўы, 1 экология объектлеринде қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта.
Қурылысшылардың пидәкерлик мийнети нәтийжесинде «Арал» стадионы, Амфитеатр, Мәденият бөлими сыяқлы бир қатар объектлер қурып питкерилип, халық ийгилигине хызмет етпекте. Солардан Амфитетар район халқының ҳәм мийманлардың дем алыў орынларының бирине айланған. 800 орынға мөлшерленген бул объектти «Қарақалпақ оңлаў қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараcлы 2-санлы Нөкис қаласы қурылыс басқармасы жәмәәти улыўмахалықлық Наўрыз байрамы күнлеринде район халқына саўға етти. Бул жерде дерлик ҳәр ҳәптеде түрли темадағы илажлар, белгили көркем өнер шеберлери, мәденият хызметкерлериниң қатнасында концерт бағдарламалары болып турады.
Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамы алдынан райондағы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң имараты пайдаланыўға тапсырылады. Бул объектте де басқарма қурылысшылары мийнет етпекте.
-Жәмәәтимиз Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң имаратларын қурыўда айтарлықтай тәжирийбеге ийе,-дейди қурылыс басқармасының баслығы Мирбек Утамбетов.-Булай деўиме себеп, алдын Нөкис қаласындағы, Шымбай, Кегейли, Шоманай районларындағы усындай мектеплерди де бизиң жәмәәтимиз қурып питкерди.
150 оқыўшыға мөлшерленген мектеп қурылысы усы жылдың январь айында басланған болса, бүгинги күни алпысқа шамалас қурылысшы, онға жақын түрли маркадағы техникалар қатнастырылмақта. Гербиш өриўши Мақсет Әбишев, сыбаўшы-бояўшы Генжебай Алламбергенов, кепсерлеўши Жолдас Тилепбергенов, монтажлаўшы Мухит Кәримов, бетон қуйыўшы Дәрьябай Ембергенов, эксковаторшы Теңел Жумақов, машина айдаўшылардан Қыдырбай Исламов ҳәм Юсупбай Нурекеев сыяқлы өз кәсибиниң пидайылары болған қурылысшылардың атларын атап өткен орынлы.
Районда денетәрбиясы ҳәм спортты раўажландырыўға да айрықша итибар қаратылмақта. Наўрыз байрамы күнлери «Арал» стадионының пайдаланыўға тапсырылыўы жаслар арасында спортты кеңнен үгит-нәсиятлаў, оларды спорт пенен турақлы шуғылланыўға тартыўда айрықша әҳмийетке ийе болды.
Райондағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде бүгинги күни 923 ул ҳәм қыз спорттың сегиз түри менен шуғылланып келмекте. Оларға еле де қолайлық жаратыў мақсетинде мектепте реконструкция жумыслары алып барылмақта.
Республикамыздағы ири қурылыс шөлкемлеринен есапланған «Қарақалпақ оңлаў қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараcлы 2-санлы Нөкис қаласы қурылыс басқармасы жәмәәти Мойнақ районынан тысқары Нөкис қаласында 315 оқыўшыға мөлшерленген улыўма билим бериў мектебиниң қурылыс жумысларын алып бармақта.
-«Таслақ»мәкан пуқаралар жыйыны турғынларының балалары усы күнге шекем узақтағы мектеплерге қатнап оқыўға мәжбүр еди,-дейди қурылыс басқармасы ис жүргизиўшиси Муратбай Раметуллаев.-Жаңа оқыў жылынан баслап олар заманагөй еки қабатлы мектепте билим алыў имканиятына ийе болады. Бул жумысларға елиўден аслам қурылысшы қатнаспақта.
Жәмәәт тәрепинен сондай-ақ, Нөкис районы «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында үлги жойбар тийкарында 12 квартиралы 6 турақ жайдың, Нөкис қаласы «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 45 квартиралы арзанлатылған турақ жайдың қурылыс жумыслары да алып барылмақта. Бул турақ жайларды Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамы алдынан пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген. Демек, усыншама шаңарақ ең уллы, ең әзиз күнди жаңа турақ жайларда байрамлаў бахтына миясар болады.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.