Интернет басылымлары арқалы жалған (фейк) хабарлардың тарқалыўы машқаласы Орайлық Азияның барлық мәмлекетлери ушын жат емес.
Бул мәселе Қырғызстан пайтахты Бишкек қаласында болып өткен Орайлық Азия ғалаба хабар қуралларының XXI регионаллық «Санлы трансформациялар шараятында ғалаба хабар қуралларының еркинлиги ҳәм пикирлердиң көп түрлилиги» атлы халықаралық конференцияда да ортаға тасланды.
Қазақстанлы медиа-қәниге Бота Аязбаеваның айтыўынша, мәмлекетте социаллық тармақларды бир саатқа блоклап қойыў 7 миилиард АҚШ долларына тең болатуғынлығы ҳаққындағы дәлийлленбеген мағлыўмат тарқалған еди. Соңынан болса бул 7 миллиард доллар социаллық тармақларды емес, пүткиллей интернетти бир саатқа өшириўдиң зыян муғдары екенлиги анықланған. Бирақ, бул мағлыўмат қайта дүзетилмей турып, барлық интернет сайтлары арқалы жасын тезлигинде тарқалып болған. Усы жылдың 9-май сәнесинде Қазақстанда бир саат даўамында WhatsApp, Telegram, Twitter, Facebook социаллық тармақларына жалғаныў қыйынласқан. Бота Аязбаеваның сөзлерине қарағанда, Қазақстанда да социаллық тармақлардағы пуқаралық журналистика (citizen journalizm) белсендилик пенен раўажланбақта. Әсиресе сайлаў алды ҳәм сайлаўлар процесинде пуқаралық журналистиканың жеделлескени анық сезилген.
Сондай-ақ, усы жылдың басынан ҳәзирги күнге шекем Қазақстанда 10 мыңнан аслам сайтлар блокланған. Олардың тек ғана 1126 сы судтың қарары менен әмелге асырылған. Қалған 9 мың сайт басқа да мәмлекетлик уйымлар тәрепинен блокланғанлығы айтылады. Еслетип өтемиз, Қазақстанда судтың қарарысыз, қәўипсизлик уйымларының усынысы менен де сайтлар блокланыўы мүмкин.
Ташкент-Бишкек-Ташкент
Анора Содиқова,
ӨзАның хабаршысы