20-июль күни 2019/2020 оқыў жылы ушын қабыллаў дизиминен өткен ҳәм тест сынақларында қатнасатуғын абитуриентлерге қолайлықлар жаратыў мақсетинде Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен «Абитуриент рухсатнамасы» ҳәм «Абитуриентлерге еслетпе»ни онлайн алыў имканиятын бериўши ruxsatnoma.dtm.uz сайты жаратылып иске түсирилген еди.

Орайдың баспасөз хызметиниң берген хабарына бола, ҳәзирги ўақытқа шекем 240 000 нан аслам абитуриент усы сайт арқалы «Абитуриент рухсатнамасы»н онлайн жүклеп алған.

Еслетип өтемиз, ruxsatnoma.dtm.uz веб-сайтынан рухсатнама шығарып алыў имканиятына ийе болмаған абитуриентлер күндизги билимлендириў бағдары ушын 23-26-июль күнлери, сыртқы ҳәм кешки билимлендириў бағдары ушын 27-29-июль күнлери Мәмлекетлик хызметлер орайларына, Жоқары билимлендириў мәкемелериниң қабыллаў комиссияларына ямаса Бәнтликке көмеклесиў орайларына мүрәжәәт еткен ҳалда рухсатнамаларды алыўы мүмкин.

Бул мәкемелердиң хызметкерлери тәрепинен «Абитуриент рухсатнамасы» абитуриентлерге бийпул шығарып бериледи.

ӨзА